Proverbs 24
Он тоғызыншы нәсият
1Залым адамларға ҳәўес қылма,Олар менен бирге болыўды күсеме.
2Олардың ойы зорлық етиўди ойлар,
Аўзы машқала келтириў туўралы сөз етер.
Жигирмаланшы нәсият
3Даналық пенен үй салынар,Ақыл менен беккем болар.
4Билим менен үйдиң иши,
Қымбатбаҳа ҳәм әжайып байлыққа толар.
Жигирма биринши нәсият
5Дана адам күшли болар,Билимли адам күшке толып барар.
6Сонлықтан урысты ақыл-кеңес пенен алып бар,
Мәсләҳәтши көп жерде жеңис бар.
Жигирма екинши нәсият
7Ақмақ ушын даналық қол жетпес болар,Мәжилисте ол аўзын да ашпас.
Жигирма үшинши нәсият
8Жаманлық ислеўди нийет еткен адам,Нийети бузық деп аталар.
9Ақмақтың ҳарам ойы – гүна,
Сурбет – адамлар ушын жеркенишли.
Жигирма төртинши нәсият
10Егер сен апатқа ушырағанда ҳәлсизлик етсең,Онда сениң күшиңниң аз болғаны.
Жигирма бесинши нәсият
11Айыпсыз өлимге кесилгенди қутқар,Соймақшы болғанды изине қайтар.
12«Биз буны билмедик», – десең де,
Жүректи сынайтуғын Қудай шынлықты билмей ме?
Жаныңды қорғайтуғын буны аңламай ма?
Ол ҳәр бир адамға исине жараса қайтармай ма?
Жигирма алтыншы нәсият
13Балам, пал же, ол жақсы,Пал уяның палы таңлайыңа татлы.
14Сол сыяқлы, даналық та жаныңа татлы,
Егер оны тапсаң, келешегиң болар,
Үмитиң де үзилмес.
Жигирма жетинши нәсият
15Ҳәй залым, әдилдиң үйине жаўызлық ойлама,Оның мәканын ўайранлама.
16Әдил жети рет жығылса да, турып кетер,
Залым апатшылықтан набыт болар.
Жигирма сегизинши нәсият
17Душпаның жығылса, қуўанба,Сүрниксе, шадланба.
18Солай ислесең, Жаратқан Ийе буны көрип, наразы болар,
Душпаныңа деген ғәзебинен қайтар.
Жигирма тоғызыншы нәсият
19Жаўызлық қылыўшыларға қәҳәрленбе,Залымларға ҳәўес қылма.
20Жаўызлық қылыўшылардың келешеги жоқ,
Залымлардың шырағы өшип қалар.
Отызыншы нәсият
21Балам, Жаратқан Ийеден ҳәм патшадан қорқ,Қозғалаңшы менен шерик болма.
22Жаратқан Ийе ҳәм патша тосаттан бәле жиберер,
Олар екеўиниң қандай бәле жиберетуғынын ким билер?
Даналардың басқа нәсиятлары
23Мыналар да даналардың айтқанлары:Ҳүкимде адамды алалаў жақсы емес.24Айыплыға: «Сен айыпсызсаң», – дегенди халықлар нәлетлер,
Миллетлер оны жек көрер.
25Айыплыны жазалаған табысқа ерисер,
Оған жарылқаўлар жаўар.
26Туўры жуўап,
Ҳақыйқый дослықтың белгиси.
27Сырттағы ислериңди питкер,
Егислик жериңди тәртипке сал,
Соңынан үйиңди қур.
28Себепсиз жақыныңа қарсы жалған гүўалық берме,
Аўзың менен өтирик сөйлеме.
29«Маған не қылған болса, өзине де соны ислеймен,
Ол не қылса, өзине соны қайтараман», – деме.
30Мен ериншектиң атызынан,
Ессиздиң жүзимзарынан өттим.
31Қарасам, ҳәммесине тикенлер өскен,
Жериниң бетин жабайы шөп басқан,
Тас дийўалы да қулаған.
32Қарап, ойланып қалдым,
Көрип, сабақ алдым.
33Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң,
Гейде қол қаўсырып, жатып та алсаң,
34Тонаўшыдай болып, жоқшылық жетип келер,
Қарақшыдай болып, мүтәжлик бас салар.
Copyright information for
KaaIBT22C