Proverbs 28
1Жаўыз адам ҳеш ким қуўмаса да қаша берер,Әдиллер арысландай батыр болар.
2Елде нызамсызлық көбейсе, басшылар көбейер,
Түсимпаз ҳәм билимли басшы болса, елде тәртип сақланар.
3Ҳәлсизлерди езетуғын жарлы,
Егинди жайпайтуғын нөсер жаўынға уқсар.
4Нызамды бузғанлар залымларды мақтар,
Нызамға әмел қылғанлар оларға қарсы турар.
5Жаўыз адамлар әдалатты уқпас,
Жаратқан Ийени излегенлер ҳәммесин түсинер.
6Натуўры жолдан жүрген байдан,
Минсиз жүрген жарлы жақсы.
7Нызамға әмел қылған бала – ақыллы бала,
Ал жарамасқа дос болған бала әкесин уятқа қалдырады.
8Үстеме пайдасы менен байлық жыйнаған,
Оны жарлыларға сақаўат көрсететуғын адам ушын жыйнайды.
9Нызамды еситпеў ушын қулағын жаўған адамның,
Еткен дуўасы да жеркенишли.
10Ҳақ адамды жолдан азғырған,
Өзи қазған шуқырға өзи түсер,
Минсизлер жақсылықты мийрас қылар.
11Бай адам өзин дана санар,
Ақыллы жарлы оны әшкара қылар.
12Әдиллер үстин шықса, қуўаныш ҳүким сүрер,
Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар.
13Қылмысын жасырған табысқа ериспес,
Мойынлаған ҳәм олардан бас тартқан реҳим табар.
14Бәрқулла Қудайдан қорққан адам қандай бахытлы!
Жүрегин қатал қылған апатқа ушырар.
15Жарлы халыққа бийлик еткен залым басшы,
Ақырған арысланға яки аш айыўға уқсар.
16Ақылсыз ҳүкимдар халқын езер,
Ҳарам пайданы жек көргенниң өмири узақ болар.
17Қан төгип адам өлтирген,
Гөрге киргенше, қашып жүрер,
Оған ҳеш ким жәрдем бермесин!
18Минсиз жүрген қәўипсизликте болар,
Надурыс жолдан жүрген тосаттан қулар.
19Жерине тәрбия бергенниң тамағы тоқ болар,
Бос арзыў-қыялға берилген жоқшылыққа тояр.
20Садық адам жарылқаўға бай болар,
Байыўға асыққан жазасыз қалмас.
21Адамларды алалаў жақсы емес,
Гейбир адам бир тислем нан ушын наҳақлық қылар.
22Иши тар адам байыўға асығар,
Жоқшылыққа ушырайтуғынын ойламайды да.
23Адамды әдил әшкаралаған,
Ақырында, жағымпазға қарағанда үлкен ҳүрметке ерисер.
24«Гүна емес», – деп ата-анасынан урлайтуғын –
Геллекесерлердиң шериги.
25Ашкөз жәнжел шығарар,
Жаратқан Ийеге үмит артқан тоқ жасар.
26Өзине исенген – ақылсыз,
Даналық пенен жүрген қәўипсизликте болар.
27Жарлыға берген кем болмас,
Ал оннан көз жумған көп ғарғысқа қалар.
28Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар,
Олар қуласа, әдиллер көбейер.
Copyright information for
KaaIBT22C