Proverbs 29
1Жийи ескертиўди тыңламай қасарысқан адам,Күтилмегенде, шыпасыз өлип кетер.
2Әдиллер бийлик етсе, халық қуўанар,
Залымлар бийлик етсе, халық дад салар.
3Даналықты сүйген әкесине қуўаныш келтирер,
Бузықлар менен дос болған байлығын шашар.
4Патша әдалатлық пенен елди беккемлер,
Пара алған оны қулатар.
5Жақынына жағымпазланған,
Оның аяғы астына аў қурған болар.
6Залымның гүнасы өзине дузақ болар,
Әдил шадланып бақырар ҳәм қуўанар.
7Әдил жарлылардың ҳуқықын қорғар,
Залымның буған билими жетпес.
8Сурбетлер қаланы көтерилиске түрткилер,
Даналар ашыў-ызаны басар.
9Дана адам ақмақ пенен қазыханада даўласса,
Ақмақ ашыўланар, күлер, ҳеш маза бермес.
10Қанхор адамлар минсизди жек көрер,
Ҳақ адамлар оның өмирине ғамхорлық етер.
11Ақмақ бар ашыўын төгер,
Дана өзин өзи бийлер.
12Егер ҳүкимдар жалған сөзге қулақ салса,
Оның барлық ҳәмелдарлары жаўызға айланар.
13Жарлы менен езиўшиге ортақ нәрсе мынаў:
Екеўиниң де көзине Жаратқан Ийе нур берген.
14Патша жарлыларға әдалатлы ҳүким шығарса,
Оның тахты ҳәрдайым беккем болар.
15Таяқ ҳәм ескертиў даналық берер,
Қараўсыз қалған бала анасын уятқа қалдырар.
16Залымлар көбейсе, нызамсызлық көбейер,
Әдиллер болса, олардың қулағанын көрер.
17Балаңды тәрбияла, ол саған рәҳәт берер,
Жаныңды қуўанышқа бөлер.
18Көктен аян болмаса, халық жүўенсиз болар,
Нызамға әмел қылған бахытлы болар.
19Қулды тек сөз бенен тәрбиялап болмас,
Ол түсинеди, бирақ қулақ салмас.
20Ойланбай сөйлейтуғын адамды көрдиң бе?
Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
21Қул балалығынан еркелетип өсирилсе,
Ақырында басыңа бәле болар.
22Ашыўлы адам жәнжел шығарар,
Қызба адам көп гүна қылар.
23Менменлик адамды жер қылар,
Кишипейил ҳүрметке ийе болар.
24Урыға шерик болған өз жанын жаман көрер,
Ғарғысқа қалса да, билгенин айтыўға батылы жетпес.
25Адамнан қорқыў дузаққа түсирер,
Жаратқан Ийеге үмит артқан қәўипсиз болар.
26Көплер ҳүкимдардың көзине түсиўди қәлер,
Бирақ әдалат Жаратқан Ийеден берилер.
27Әдиллер ушын наҳақлар жеркенишли,
Залымлар ушын ҳақ жүргенлер жеркенишли.
Copyright information for
KaaIBT22C