‏ Proverbs 30

Агурдың сөзлери

1Мыналар Яке улы Агурдың Итиелге, Итиел менен Ухалға айтқан ҳикметли сөзлери:

2Ырасында да, мен адамлар арасындағы ең наданы екенмен,
Адамға тән ақыл да жоқ менде.
3Даналықты үйренген де емеспен,
Мухаддес Қудайды танымайман да.
4Ким бир рет болса да, көклерге көтерилген ямаса төмен түскен?
Ким алақанына самалды жыйнап алған?
Ким суўды кийимине орап алған?
Ким жердиң шегин орнатқан?
Оның аты ким? Улының аты ким?
Билсең, маған айт!
5Қудайдың ҳәр бир сөзи ҳақ,
Ол Өзин паналайтуғынлардың қалқаны.
6Оның сөзлерине ҳеш нәрсе қоспа,
Қоссаң, Ол сени әшкаралар, өтирикши болып қаларсаң.
7Қудай, мен Сеннен еки нәрсе сорайман,
Өлмесимнен бурын соларды берши:
8Мылжың сөзди ҳәм өтирикти меннен аўлақ қыл,
Жарлылық та, байлық та бермеши маған,
Тек бере гөр күнделикли нанымды.
9Тойынып кетип, Сеннен бас тартып:
«Жаратқан Ийе деген ким өзи?» – деп айтпайын,
Жарлыланып қалып урлық ислеп,
Сениң атыңа дақ түсирип жүрмейин.

10Хызметкерин хожайынына жаманлама,
Болмаса, ол сени ғарғап, жазасын тартарсаң.
11Сондай әўлад бар, әкесин ғарғар,
Анасына да алғыс айтпас.
12Сондай әўлад бар, өзин таза санар,
Ҳәтте, қусығынан тазармаған болса да.
13Сондай әўлад бар, тәкаббирленип бағар,
Ҳәммениң үстинен қарар.
14Жарлыларды жер бетинен,
Мүтәжлерди адамлар арасынан жалмап жутатуғын,
Тислери қылыш, азыўлары пышақтай адамлар бар.

15Сүликтиң еки қызы бар. «Бер, бер», – деп бақырар олар.
Ҳеш қашан тоймайтуғын үш нәрсе,
«Жетерли» демейтуғын төрт нәрсе бар:
16Өлилер мәканы, нәсилсиз қурсақ,
Суўға қанбайтуғын топырақ пенен өрт ҳеш қашан «жетерли» демес.

17Әкени мазақлайтуғын,
Анаға бойсыныўдан бас тартатуғын көзди,
Ойпатлықтағы ғарғалар шоқыйды,
Қара қустың палапанлары жейди.

18Мениң ақылым жетпейтуғын үш нәрсе,
Мен түсинбейтуғын төрт нәрсе бар:
19Аспандағы бүркиттиң жолы,
Тас үстиндеги жыланның жолы,
Теңиз ортасындағы кемениң жолы,
Еркектиң қызға баратуғын жолы.
20Бузық ҳаялдың жолы да сондай.
Ол жеп болып, аўзын сүртип,
«Ҳеш жаманлық ислемедим», – дер.

21Жер үш нәрседен ләрзеге келер,
Төртеўин ол көтере алмас:
22Қул патша болғанда,
Ақмақ асқа тойғанда,
23Жағымсыз қыз турмысқа шыққанда,
Шоры ханымының орнын алғанда.

24Жер бетинде төрт кишкене нәрсе бар,
Бирақ олар даналардың данасы:
25Қумырысқа күшсиз жанзат,
Бирақ қыс азығын жазда таярлар.
26Даман
Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.
ҳәлсиз жанзат,
Бирақ өз инин жартасқа салар.
27Шегирткеде патша жоқ,
Бирақ ҳәммеси сап тартып жүрис қылар.
28Кесирткени қол менен услаўға болар,
Бирақ ол патша сарайында да бола алар.

29Қәдеми саўлатлы үш нәрсе,
Жүриси айбатлы төрт нәрсе бар:
30Ҳайўанлардың ең күшлиси арыслан,
Ҳеш нәрседен қаймықпас.
31Мәкийенлер алдындағы қораз,
Сүриў алдындағы теке,
Ордасының басындағы патша.

32Егер менменлик етип ақмақлық қылған,
Ямаса жаманлық ойлаған болсаң,
Аўзыңды қолың менен жап.
33Сүтти гүбиге писсе май шығар,
Мурынға урса қан шығар,
Сол сыяқлы, ашыўды қозғаса жәнжел шығар.
Copyright information for KaaIBT22C