‏ Proverbs 31

Лемуелдиң айтқанлары

1Патша Лемуелдиң ҳикметли сөзлери, анасының оған үйреткенлери:

2Балам, қурсағымнан шыққан балам!
Балам, ўәде берип, тилеп алғаным!
3Күшиңди ҳаялларға жумсама,
Патшаларды набыт қылатуғынларға жаслығыңды сарп қылма.

4Лемуел, патшаларға шарап ишиў жараспас,
Ҳүкимдарларға өткир ишимликти аңсаў жараспас.
5Ишкенде, олар нызамды умытар,
Езилгенлерден ҳуқықын тартып алар.
6Өткир ишимликти өлип баратырғанға,
Шарапты руўхы қыйналғанға бер.
7Ол ишип, жарлылығын умытсын,
Қайғы-ҳәсиретин енди еске алмасын.
8Аўзыңды өз ҳуқықын қорғай алмайтуғынлар ушын,
Езилгенлерди қорғаў ушын аш.
9Аўзыңды әдил ҳүким шығарыў ушын,
Жарлы ҳәм мүтәждиң исин қорғаў ушын аш.

Уқыплы ҳаял

10Жақсы ҳаялды ким таба алар?
Ол қымбатбаҳа таслардан да қымбат.
11Күйеўи оған шын жүректен исенер,
Ҳеш нәрседен мүтәжлик көрмес.
12Ол күйеўине жаманлық емес,
Бир өмир жақсылық қылар.
13Ол жүн ҳәм зығыр табар,
Рәҳәтленип, өз қоллары менен ислер.
14Ол саўдагердиң кемесине уқсар,
Нанын узақтан алып келер.
15Ол таң атпай турып,
Хожалығы ушын аўқат таярлар,
Шорыларына да тапсырма берер.
16Атызды көзден кеширип, сатып алар,
Еңбегиниң түсиминен жүзим отырғызар.
17Белин беккем буўып,
Қолларына күшин жыйнар.
18Ол исиниң пайдалы екенин билер,
Шырасы түнде де өшпес.
19Қолларын шарыққа қояр,
Бармақлары менен уршық ийирер.
20Жарлыларға қолын созар,
Мүтәжлерге қол берер.
21Үй-ишин ойлап, қардан қорқпас,
Үйиндегилер қырмызы кийим кийген.
22Ол өзи ушын төсек тигер,
Кийимлери шым қызыл ҳасыл зығырдан.
23Күйеўиниң атағы кең жайылып,
Ел ақсақаллары менен кеңес қурар.
24Ҳаял зығырдан кийим тигип сатар,
Саўдагерлерди қайыс пенен тәмийинлер.
25Күш ҳәм абырай оның кийими,
Шад болып бағады ертеңги күнге.
26Ол даналық пенен сөйлер,
Меҳир менен нәсият қылар.
27Хожалық ислерин бақлап барар,
Мийнетсиз нан жемес.
28Балалары турып, рахмет айтар,
Күйеўи де былай деп оны мақтар:
29«Жақсы ҳаяллар көп,
Бирақ сен ҳәммесинен артықсаң».
30Сүйкимлилик алдамшы, сулыўлық өткинши,
Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғын ҳаял мақтаўға ылайық.
31Оған мийнетине жараса сый бериңлер,
Ислери қала дәрўазасы алдындағы кеңесте тәрийипленсин!
Copyright information for KaaIBT22C