Proverbs 1
Ҳикметлердиң мақсети
1Булар Израилдың патшасы Даўыттың улы Сулайманның ҳикметлери: 2Бул ҳикметлердиң мақсети мынаў:Даналықты ҳәм нәсиятты үйретиў,
Ақыллы сөзлерди түсиндириў;
3Туўры жасаў қағыйдаларын,
Әдиллик, әдалатлық ҳәм ҳадаллықты өзлестириў;
4Садаларға терең түсиник,
Өспиримлерге билим ҳәм сана бериў.
5Даналар тыңлап, билимине билим қосады,
Ақыллылар дана кеңес алады.
6Усылайынша олар нақыл ҳәм ҳикметлерди,
Данышпанлардың сөзлери менен жумбақларын түсинеди.
7Жаратқан Ийеден қорқыў – даналықтың басы.
Тек ақылсызлар ғана даналық ҳәм нәсиятты жек көреди.
Азғырыўлардан сақ бол!
8Балам, әкеңниң нәсиятларына қулақ сал,Анаң берген тәлимнен бас тартпа!
9Олар басыңа әжайып таж,
Мойныңа моншақ болады.
10Балам! Егер гүнакарлар сени азғырмақшы болса,
Оларға көнбе.
11Егер олар: «Бизлер менен жүр,
Қан төгиў ушын буққыда жатайық,
Себепсизден себепсиз бийгүнаны аңлыйық.
12Оларды өлилер мәканы киби тирилей,
Туңғыйыққа түскенлер киби пүтинлей жутайық.
13Барлық қымбатбаҳа затларын алайық,
Үйлеримизди олжаға толтырайық.
14Бизлер менен тәўекелге бел байла,
Бар байлығымыз ортақ болады», – десе,
15Балам, олар менен жолдас болма,
Олардың жолынан аўлақ бол!
16Олардың аяқлары жаўызлыққа талпынар,
Қан төгиўге асығар.
17Ҳәтте, қуслар да,
Көз алдында қурылған аўға түспес.
18Ал сол адамлар өз қанын төгиў ушын буққыда жатады,
Өзлериниң жанын өзлери аңлыйды.
19Ҳарам табысқа қумардың ақыбети сондай болады,
Сол қумарлық ҳарам табыс ийесиниң басын жалмайды.
Даналықты тыңла!
20Даналық көшелерде жар салып,Майданларда даўыслап бақырады.
21Шаўқымлы көшениң басында қышқырып,
Қала дәрўазаларының кирер аўзында өз сөзин айтады:
22«Ҳәй, садалар! Садалығыңызды қашанға дейин сүймекшисиз?
Сурбетлер қашанға дейин мазақлаўдан заўық алады?
Ақмақлар қашанға шекем билимди жек көреди?
23Қәне, мениң әшкаралағанымнан дүзелсеңиз еди!
Сизлерди руўхыма толтырып,
Сөзлеримди билдирер едим.
24Сизлерди шақырдым, мени тыңлаўдан бас тарттыңыз,
Қолымды создым, нәзер аўдарған болмады.
25Сизлер мениң барлық кеңеслеримди менсинбедиңиз,
Мениң әшкаралаўларымды қабыл етпедиңиз.
26Соның ушын мен де апатқа ушырағаныңызда, үстиңизден күлемен,
Ҳүрейиңиз ушқанда, мазақ қыламан.
27Қорқыныш даўылдай бастырып келгенде,
Апатшылық қуйындай дүбегенде,
Қайғы ҳәм ҳәсирет басыңызға түскенде,
28Мени шақырасыз, мен де жуўап бермеймен,
Мени излейсиз, бирақ таппайсыз.
29Өйткени сизлер билимди жек көрдиңиз,
Жаратқан Ийеден қорқыўды мақул көрмедиңиз.
30Кеңеслеримди қабыл қылмадыңыз,
Әшкаралаўларымды көзге илмедиңиз.
31Соның ушын, тутқан жолыңыздың ашшы мийўелерин жеп,
Өз сумлықларыңызға тойынасызлар.
32Саданың өжетлиги өзин өлтиреди,
Ақмақтың бийғамлығы оны қуртады.
33Ал мени тыңлағанлар қәўипсиз жасап,
Жаманлықтан қорқпай, тыныш болады».
Copyright information for
KaaIBT22C