Proverbs 14
1Дана ҳаял үйин жайнатар,Ақылсыз ҳаял оны өз қолы менен бузар.
2Туўры жолдан жүретуғын Жаратқан Ийеден қорқатуғын адам,
Жолдан шыққан Оны менсинбейтуғын адам.
3Ақмақтың сөзи арқасына қамшы болар,
Дананың сөзи оны қорғар.
4Өгиз болмаса, ақыр бос турар,
Өгиздиң күшинен мол пайда алынар.
5Исенимли гүўа өтирик сөйлемес,
Жалған гүўаның өтириги таўысылмас.
6Сурбет даналық излер, бирақ таба алмас,
Ақыллыға билим аңсат табылар.
7Ақмақтан аўлақ жүр,
Билимли сөз шықпас оның аўзынан.
8Парасатлы адамның даналығы – өз жолын түсиниўи,
Ақылсыздың ақмақлығы – алдамшылық.
9Ақмақлар айып қурбанлығы үстинен күлер,
Әдил адамлар Қудайдың мийримине сазыўар болар.
10Ҳәр кимниң қайғысы өзине аян,
Қуўанышын да ҳеш ким бөлисе алмас.
11Залымның үйи бузылар,
Әдил адамның шатыры гүллене берер.
12Сондай жол бар, адамға дурыс болып көринер,
Бирақ ақыбети, өлимге алып барар.
13Гейде күлгенде де жүрегиң сызлар,
Қуўаныш та гейде қайғы менен жуўмақланар.
14Азғын адам тутқан жолының,
Жақсы адам ислеген исиниң сыйын алар.
15Сада ҳәмме сөзге исене берер,
Ақыллы адымын ойлап басар.
16Дана қорқып, жаманлықтан аўлақ болар,
Ақылсыз өзин басқара алмас ҳәм өзине исенер.
17Ашыўшақ ақылсызлық қылар,
Нийети бузықты ҳәмме жек көрер.
18Саданың несийбесине ақмақлық тийер,
Ақыллы билимди таж қылар.
19Жаўызлар жақсылар алдында,
Залымлар әдиллердиң дәрўазасы алдында тәжим етер.
20Кәмбағалды қоңсылары да жақсы көрмес,
Байлардың досты көп болар.
21Жақынын кемситкен гүна қылар,
Жарлыға мийрим көрсеткен бахытлы болар.
22Нийети бузықлар жолдан адаспай ма?
Бирақ жақсы нийетлилер сүйиспеншилик ҳәм садықлыққа ийе болар.
23Ҳәр қандай мийнеттиң пайдасы бар,
Бос сөз тек жоқшылық келтирер.
24Даналардың тажы – олардың байлығы,
Ақылсызлардың тажы – ақмақлығы.
25Әдил гүўа жанды қутқарар,
Жалған гүўа сатқынлық қылар.
26Жаратқан Ийеден қорқыў – беккем қорған,
Оның балаларына да пана болар.
27Жаратқан Ийеден қорқыў – өмирдиң булағы,
Ол адамды өлим дузағынан қутқарар.
28Халықтың көплиги – патшаның уллылығы,
Халықтың азлығы – ҳүкимдардың апаты.
29Сабыр-тақатлы адамда уллы ақыл бар,
Ашыўшақ өз ақмақлығын мәлим қылар.
30Тыныш жүрек денеге өмир берер,
Қызғаншақлық сүйеклерди ширитер.
31Жарлыны езген оны Жаратқанды ақыретлеген болар,
Мүтәжге жәрдем берген оны Жаратқанды ҳүрмет еткен болар.
32Залым өз жаўызлығы себепли жоқ болар,
Әдиллерге өлеринде де пана табылар.
33Даналық ақыллының жүрегине орналасар,
Ҳәтте, ақмақлардың жүреги де оны таныйды.
34Әдиллик халықтың дәрежесин көтерер,
Нызамсызлық халықты масқара етер.
35Патшаға ақыллы хызметши унар,
Шерменде ис қылғанға оның ғәзеби жаўар.
Copyright information for
KaaIBT22C