Proverbs 2
Даналықтың қәдири
1Балам! Егер сен сөзлеримди қабыл қылып,Буйрықларымды жүрегиңде сақласаң,
2Даналыққа қулақ түрип,
Түсиникке жүрегиңди ашсаң,
3Егер ақыл-парасатты шақырып,
Түсиникке даўыслап жалбарынсаң,
4Оны гүмис киби излеп,
Көмилген ғәзийне киби ақтарсаң,
5Сонда сен Жаратқан Ийеден қорқыўдың не екенин түсинип,
Қудайдың ким екенин билесең.
6Даналықты Жаратқан Ийе берер,
Билим ҳәм түсиник Оның аўзынан шығар.
7Ол ҳақлар ушын табыс сыйлап,
Минсизлер ушын қалқан болар.
8Ол әдалатлық жолларын қорып,
Өзине садықлардың жолларын қорғар.
9Сонда сен әдиллик ҳәм әдалатлықты уғып,
Ҳадал ҳәм туўры жолдың не екенин түсинерсең.
10Жүрегиң даналыққа толып,
Кеўлиң билимнен заўық алар.
11Ақыл-парасат сени аман сақлап,
Дурыс түсиник сени қорғар.
12Даналық сени жаўызлардың жолынан,
Жалған сөйлеўшилерден,
13Қараңғылық жолынан жүриў ушын,
Туўры жолды таслап кеткенлерден,
14Жаманлық ислеп қуўанып,
Жаўызлықтың бузғынлығынан ләззет алатуғынлардан,
15Терис жолға түсип,
Өз жолларынан адасқанлардан сақлар.
16Даналық сени бузық ҳаялдан,
Жезөкше ҳаялдың майлы тилинен сақлар.
17Ол жаслай қосылған күйеўин таслап кеткен,
Қудайдың алдында дүзген келисимин умытқан.
18Оның үйи өлимге,
Жоллары өлилер алдына алып барады.
19Оған барғанлар қайтып келмес,
Өмир жолына қайта түспес.
20Сонлықтан жақсылардың жолынан жүр,
Әдиллердиң жолын беккем тут.
21Ҳақлар жер бетин мәкан қылар,
Минсизлер сол жерде қалар.
22Жаманлар жер бетинен қырып тасланар,
Опасызлар түп-тамыры менен жоқ қылынар.
Copyright information for
KaaIBT22C