Proverbs 3
Жасларға мәсләҳәт
1Балам, үйреткенлеримди умытпа,Буйрықларымды жүрегиңде сақла!
2Олар өмир жасыңды узайтып,
Мол тынышлық сыйлайды.
3Сүйиспеншилик ҳәм садықлық ҳасла сени тәрк етпесин,
Оларды мойныңа тағып,
Жүрегиңе ойып жазып қой.
4Сонда Қудайдың ҳәм адамлардың нәзеринде,
Мийрим ҳәм абырайға ийе боласаң.
5Шын жүректен Жаратқан Ийеге үмит байла,
Өз ақыл-парасатыңа сүйенип жүрме.
6Ислеген ҳәр бир исиңде Жаратқан Ийени танып бил,
Ол сениң жолларыңды туўрылап турар.
7Өзиңди данышпанман деп санама,
Жаратқан Ийеден қорқ, жаманлықтан аўлақ жүр.
8Бул денеңе саламатлық,
Сүйеклериңе азық болады.
9Мал-мүлкиңнен ҳәм ҳәмме зүрәәтиңниң дәслепки өниминен берип,
Жаратқан Ийеге ҳүрмет көрсет.
10Сонда телеклериң дәнге толып тасып,
Искенжелериң таза шарапқа толады.
11Балам, Жаратқан Ийениң тәрбиясына итибарсыз қарама,
Ол әшкаралағанда жүрегиңе аўыр алма.
12Әке жақсы көрген улын жазалағаны сыяқлы,
Жаратқан Ийе де кимди сүйсе, соны әшкаралайды.
Даналықтың қуны
13Даналықты тапқан,Түсиникке ийе болған адам қандай бахытлы!
14Өйткени даналық гүмистен қунлырақ,
Оның пайдасы алтыннан да жоқары.
15Даналық ҳасыл тастан да қымбат,
Қумартқан ҳеш бир нәрсең оған тең келмес.
16Узақ өмир оның оң қолында,
Байлық ҳәм даңқ сол қолында.
17Даналықтың жоллары жағымлы жоллар,
Оның барлық соқпақлары тынышлыққа апарар.
18Даналық – оны ийелеген адам ушын өмир тереги,
Оны беккем услаған қандай бахытлы!
19Жаратқан Ийе даналық пенен жердиң тийкарын салды,
Түсиник пенен көклерди беккем орнатты.
20Оның билими менен туңғыйықтың көзлери ашылды,
Бултлар шық түсирди.
21Балам! Саў пикир ҳәм дурыс түсиникти сақла,
Оларды нәзериңнен қашырма.
22Олар жаныңа өмир,
Мойныңа әжайып моншақ болады.
23Сонда өмир жолыңда қәўипсиз жүресең,
Аяқларың да сүрникпейди.
24Жатқаныңда қорқпайсаң,
Уйықлағаныңда уйқың тыныш болады.
25Тосаттан болатуғын апаттан,
Наҳақлардың басына түсетуғын бәледен қорқпайсаң.
26Жаратқан Ийе сениң сүйенишиң болып,
Аяқларыңды дузаққа түсиўден сақлайды.
27Қолыңнан келетуғын ўақытта,
Мүтәжлерден жәрдемиңди аяма.
28Қолыңда бар бола тура жақыныңа:
«Ертең кел, сонда беремен», – деме.
29Бийғам жаныңда жасап атырған қоңсыңа,
Жаманлық ойлама.
30Өзиңе жаманлық қылмаған адам менен,
Себепсиз жәнжеллеспе.
31Зорлық ислеўшиге ҳәўес қылма,
Оның жолларының бирде биреўин таңлама.
32Жаратқан Ийе азғырыўшылардан жеркенеди,
Ҳақ адамға жақын болады.
33Жаратқан Ийе залымның үйин нәлетлейди,
Әдиллердиң мәканын жарылқайды.
34Ол сурбетлердиң өзлерин мазақ қылады,
Кишипейиллерге мийрим көрсетеди.
35Даналар даңқ-атақты,
Ақылсызлар шерменделикти мийрас етип алады.
Copyright information for
KaaIBT22C