Proverbs 9
Даналықтың ҳәм ақмақлықтың мирәт етиўи
1Даналық өзине үй қурып алды,Оның жети сүтинин жонып қойды.
2Ол малларын сойып, шарап таярлап,
Дастурхан жайды.
3Ол өз хызметши ҳаялларын жоллап,
Қаланың бийик жерлеринде жар салдырды:
4«Ким сада болса, берман келсин!»
Ал ақыл-еси кемлерге былай деди:
5«Келиңлер, нанымнан жеп,
Мен таярлаған шараптан ишиңлер.
6Наданлықты таслап, жасаңлар,
Ақыл-парасаттың жолынан жүриңлер».
7Сурбетке нәсият берген масқара болар,
Жаманды әшкаралағанға мин тағылар.
8Сурбетти әшкаралама, ол сени жек көрип қалар,
Дананы әшкарала, ол сени сүйип қалар.
9Данаға үйрет, ол еле де данарақ болар,
Әдилге тәлим бер, ол билимин арттырар.
10Жаратқан Ийеден қорқыў – даналықтың басы,
Мухаддес Қудайды таныў – ақыл-парасат.
11Мен – даналық арқалы өмириң узаяр,
Жасыңа жас қосылар.
12Егер дана болсаң, өзиңе пайда,
Сурбет болсаң, жәбирин өзиң тартарсаң.
13Ақмақлық – ғаўғалы ҳаял,
Ол надан, ҳеш нәрсени билмейди.
14Ол үйиниң есиги алдында,
Қаланың бийик жеринде отырып алып,
15Жолдан өтип баратырғанларды,
Өз жолы менен кетип баратырғанларды шақырып:
16«Ким сада болса, берман келсин!» – дейди.
Ал жарымеслерге былай дейди:
17«Урлап ишилген суў жүдә татлы,
Жасырып желинген нан сондай мазалы».
18Бирақ садалар билмейди бурын шақырылғанлардың,
Өлилер мәканының түбинде өлип жатырғанын.
Copyright information for
KaaIBT22C