‏ Psalms 107

(Заб 56:8-12; 59:7-14)

1Қосық. Даўыттың жыры
2Жүрегим Саған садық, Қудай,
Пүткил жаным менен Сени жырлап, саз шертемен.
3Оян, ҳәй арфа ҳәм лира,
Ерте таңды мен оятайын!
4Халықлар арасында Сени алғыслайман, Жаратқан Ийе,
Миллетлер арасында саз шертип, Саған алғыс айтаман.
5Сүйиспеншилигиң көклерден асар,
Садықлығың бултларға тийер.

6Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай,
Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын!
7Оң қолың менен жеңис бер, мени есит,
Өз сүйгенлериң қутқарылсын!
8Қудай Мухаддес мәканында былай деди:
«Йошланып, Шехемди бөлемен,
Суккот ойпатлығын өлшеп беремен.
9Гилад Меникидур, Менашше де Меники,
Эфрайым дуўлығам, Яҳуда ҳүкимдарлық ҳасам.
10Моаб жуўынатуғын ләгеним,
Эдомға аяқ кийимимди таслайман,
Филист жеринде жеңис дабылын қағаман».

11Ким мени бекинисли қалаға алып барады?
Ким маған Эдомға дейин жол көрсетеди?
12Қудай, Сен емессең бе?
Бирақ Сен бизлерден жүз бурдың.
Әскерий ордамызға басшылық етпей қойдың.
13Душпанға қарсы гүресте жәрдем бер,
Адамзаттың жәрдеми бийҳудадур.
14Қудай, Сениң жәрдемиң менен қаҳарманлық көрсетемиз,
Душпанларымызды басқылап таслайсаң.
Copyright information for KaaIBT22C