‏ Psalms 108

1Атқарыўшылардың жетекшиси ушын. Даўыттың жыры
Мен алғыслап жүрген Қудай,
Үнсиз қалма!
2Жаўызлар ҳәм өтирикшилер маған қарсы аўзын ашып,
Жалғаншы тиллери менен мени алдайды.
3Жеркенишли сөзлер менен мени қоршап,
Себепсиз маған қарсы ҳүжим қылады.
4Сүйиспеншилигиме қарсы айып тағады,
Бирақ дуўа етиўди даўам етемен.
5Жақсылығыма жаманлық қайтарады,
Сүйиспеншилигим ушын мени жек көреди.

6Жаўыз адамды оларға қарсы қой,
Оң жағында айыплаўшы биреў турсын!
7Ҳүким етилгенде, олар айыплы болсын,
Олардың дуўасы гүна саналсын!
8Олардың өмири қысқа болсын,
Ислейтуғын ўазыйпасын басқа биреў алсын!
9Балалары жетим,
Ҳаяллары жесир болып қалсын!
10Балалары гезенде болып, тиленшилик қылсын,
Қарабақанаға айланған үйлеринен кетип, нан излесин!
11Мал-мүликлерин сүтхорлар ийелесин,
Жыйнап-тергенлерин жат адамлар тартып алсын!
12Ҳеш ким оларға жақсылық қылмасын,
Жетимлерине ҳеш ким реҳим етпесин!
13Олардың әўлады жоқ болсын,
Бир әўладтан соң атлары өшип қалсын!
14Олардың ата-бабаларының гүналарын,
Жаратқан Ийе, Сен еске ал,
Аналарының гүнасы өширилмесин!
15Гүналары ҳәмме ўақытта, Жаратқан Ийе, Сениң алдыңда турсын,
Олардың атларын жер жүзинен жоқ ет!

16Себеби олар жақсылық қылыўға урынбады,
Бийшара ҳәм мүтәжлерди қуўдалап,
Үмитсизликке түскенлерди өлтирди.
17Басқаларды нәлетлеўди жақсы көрди,
Енди сол нәлетлер өз басына түссин!
Ҳеш кимди жарылқаўды хош көрмеди,
Енди жарылқаў олардан узақ болсын!
18Нәлетти олар кийимдей етип кийип алды,
Нәлетлер суўдай ишине кирсин,
Майдай сүйеклерине сиңсин!
19Кийим кийгендей, нәлетке оранып алсын,
Оны ҳәр күни белине қайыс қылып тақсын!
20Жаратқан Ийе усылай етип қайтарсын мени айыплаўшыларға,
Маған қарсы жаман сөз айтыўшыларға!

21Ал Қудай Ийе,
Өз атың ушын маған жәрдем бер,
Сүйиспеншилигиң ийгиликли, мени қутқар!
22Мен бийшара ҳәм мүтәжбен,
Ишимде жүрегим жараланған.
23Кешки көлеңкедей жоқ болып баратырман,
Қағып жиберилдим шегиртке сыяқлы.
24Ораза тутыўдан дизелеримде дәрман қалмады,
Азып, сүйек болып қалдым.
25Мени айыплап атырғанлардың алдында жүзим төмен болды,
Мени көргенде, олар басын шайқайды!

26Маған жәрдем бер, Қудайым Жаратқан Ийе,
Сүйиспеншилигиң ҳақы қутқар мени!
27Олар билсин бул исте Сениң қолың бар екенин,
Буны Сениң ислегениңди, Жаратқан Ийе!
28Мейли, олар мени нәлетлесин, бирақ Сен мени жарылқайсаң,
Маған ҳүжим қылғанда, олар шерменде болсын,
Қулың болған мен шадланаман.
29Мени айыплаўшылар кийим кийгендей уятқа бөленсин,
Шапан жамылғандай, шерменделикти жамылсын!

30Жаратқан Ийени көп тәрийиплеймен,
Жәмәәт ишинде Оны алғыслайман.
31Ол мүтәж адамның оң тәрепинде турады,
Оның жанына қарсы ҳүким шығаратуғынлардан қутқарады.
Copyright information for KaaIBT22C