Psalms 111
1Ҳалилуйя!Қандай бахытлы Жаратқан Ийеден қорқатуғын,
Оның буйрықларын орынлап, рәҳәтленетуғын адам!
2Оның әўлады қүдиретли болар жер жүзинде,
Ҳақлардың әўлады жарылқаў алады.
3Молшылық ҳәм байлық үйинде болады,
Ҳақлығы мәңги даўам етеди.
4Қараңғылықта нур шығады ҳақлар ушын,
Мийрим-шәпәәтли, реҳимли ҳәм әдил адамлар ушын.
5Қолы ашық, қарыз беретуғын,
Ислерин әдалатлық пенен ислейтуғын адам абадан турмысқа ериседи!
6Ол ҳасла сүрникпейди,
Ҳақ адам мәңги еске алынады.
7Ол жаман хабардан қорқпайды,
Жаратқан Ийеге исенген жүреги беккем.
8Оның жүреги мықлы, қорқыў дегенди билмейди,
Душпанларының жеңилисин көреди.
9Ол мүтәжлерге сақыйлық пенен жәрдем береди,
Оның ҳақлығы мәңги даўам етеди,
Қүдиретли ҳәм абырайлы болады.
10Жаўыз адам буны көрип, ашыўланады,
Тисленип, өзин өзи жеп, жоқ болады,
Жаўызлардың қәлеўи пушқа шығады.
Copyright information for
KaaIBT22C