‏ Psalms 113

1Израил Мысырдан шыққанда,
Яқыптың урпағы тили басқа халықтан кеткенде,
2Яҳуда Жаратқан Ийениң мухаддес жери,
Израил Оның патшалығы болды.

3Теңиз оларды көрип, артқа шегинди ,
Иордан дәрьясы терисине ақты .
4Таўлар қошқарлар сыяқлы,
Төбешиклер қозылар киби секирди .

5Ҳәй, теңиз, не ушын артқа шегиндиң?
Ҳәй, Иордан, не ушын терис қарай ақтың?
6Ҳәй, таўлар, не ушын қошқар сыяқлы,
Ҳәй, төбешиклер, не ушын қозы киби секирдиң?

7Титире, ҳәй жер жүзи, Ийениң алдында,
Яқыптың Қудайының алдында.
8Ол жартасты суў ҳәўизине,
Қатты тасты булаққа айландырды .

9Бизлердиң емес, Жаратқан Ийе, бизлердиң емес,
Сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың ҳақы,
Сениң атың даңққа бөленсин!

10Не ушын басқа халықлар:
«Олардың Қудайы қаяқта?» – деп айтыўы керек?
11Бизлердиң Қудайымыз көклерде,
Ол нени қәлесе, соны ислейди.
12Ал олардың бутлары гүмис ҳәм алтыннан,
Адамның қоллары менен соғылған.
13Аўызлары бар, сөйлемейди,
Көзлери бар, көрмейди,
14Қулақлары бар, еситпейди,
Мурынлары бар, ийис сезбейди,
15Қоллары бар, бирақ сезбейди,
Аяқлары бар, жүрмейди,
Тамақларынан даўыс шығара алмайды.
16Оларды соққан, оларға исенгенлердиң ҳәммеси,
Солар сыяқлы болып қалады!

17Израил халқы, Жаратқан Ийеге үмит байлаң,
Ол жәрдемшиңиз ҳәм қалқаныңыздур!
18Харон урпағы, Жаратқан Ийеге үмит байлаң,
Ол жәрдемшиңиз ҳәм қалқаныңыздур!
19Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар, Жаратқан Ийеге үмит байлаң,
Ол жәрдемшиңиз ҳәм қалқаныңыздур!

20Жаратқан Ийе бизлерди ядында тутып, жарылқайды,
Израил халқын жарылқайды,
Харон урпағын жарылқайды.
21Үлкенди-кишини,
Өзинен қорқатуғынлардың ҳәммесин жарылқайды.

22Сизлердиң ҳәм балаларыңыздың санын,
Жаратқан Ийе көбейтсин!
23Аспан ҳәм жерди дөреткен Жаратқан Ийе,
Сизлерди жарылқасын!

24Көклер Жаратқан Ийеге тийисли,
Ал жер жүзин Ол адамларға берди.
25Марҳумлар, үнсизлик мәканына түскенлер,
Жаратқан Ийеге алғыслар айтпайды.
26Бизлер Жаратқан Ийени алғыслаймыз,
Ҳәзирден баслап мәңгиге дейин.

Ҳалилуйя!
Copyright information for KaaIBT22C