‏ Psalms 127

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
Қандай бахытлы Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар,
Оның жоллары менен жүретуғынлар!

2Еткен мийнетиңниң жемисин жейсең,
Бахытлы болып, абадан турмыс кеширесең.
3Ҳаялың үйиңде жемисли бир жүзим путасындай,
Балаларың дастурхан дөгерегинде зәйтүн нәлшесиндей болады.
4Жаратқан Ийеден қорқатуғын адам,
Мине, усылай жарылқанады.

5Жаратқан Ийе сени Сионнан жарылқасын!
Пүткил өмириң бойы, Ерусалимниң табысқа ерискенин көресең!
6Балаларыңның балаларын көресең!

Израилға тынышлық болсын!
Copyright information for KaaIBT22C