‏ Psalms 128

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
«Душпанларым жаслығымнан мени көп жәбирледи»,
Израил былай деп айтсын,
2«Аўа, олар жаслығымнан мени көп жәбирледи,
Бирақ мени жеңе алмады.
3Жер айдаўшылар арқамда қос айдады,
Узын қарықтай етип, из қалдырды.
4Бирақ Жаратқан Ийе әдилдур,
Қырқып таслады жаўызлардың арқанларын».

5Сионды жек көретуғынлардың ҳәммеси,
Шерменде болып, артқа шегинсин.
6Олар өспей атырып, қуўрап қалатуғын,
Там үстиндеги шөпке уқсап қалсын.
7Буған орақшылардың қысымы толмайды,
Баўлаўшылардың қушағы толмайды.
8Сонда жолдан өткен-кеткенлер:
«Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын,
Жаратқан Ийениң аты менен сизлерге ақ пәтия беремиз», – деп айтпайды.
Copyright information for KaaIBT22C