‏ Psalms 129

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
Түпсизликтен Сени шақыраман, Жаратқан Ийе,
2Ийе, даўысымды есит,
Жалбарыныўыма дыққат етип, қулақ сал!

3Егер Сен, Жаратқан Ийе, гүналарды есапқа алғаныңда,
Ким Сениң алдыңда тура алады, Ийе?
4Бирақ Сен кеширимлисең,
Соның ушын, Сеннен қорқамыз.

5Жаратқан Ийеге интизарман,
Жаным Жаратқан Ийеге интизар,
Үмит байлайман Оның сөзине.
6Таңды күткен сақшылардан көбирек,
Аўа, таңды күткен сақшылардан да көбирек,
Жаным Ийени күтеди.

7Ҳәй, Израил, Жаратқан Ийеге үмит байла!
Жаратқан Ийеде сүйиспеншилик бар,
Ол азатлық бериўге жүдә уқыплы.
8Израилды барлық гүналарынан,
Азат ететуғын Оның Өзидур.
Copyright information for KaaIBT22C