Psalms 14
1Даўыттың жырыЖаратқан Ийе, ким жасай алады Сениң шатырыңда?
Ким мәканлай алады мухаддес таўыңда?
2Минсиз жасап, ҳақ ис қылғанлар,
Жүректен ҳақыйқатты сөйлегенлер.
3Басқаларға жала жаўмағанлар,
Достына жаманлық ислемегенлер,
Жақынын уятқа қалдырмағанлар.
4Қудай бийзар адамлардан жеркенетуғынлар,
Жаратқан Ийеден қорқатуғынларды ҳүрмет ететуғынлар,
Өзине зыян болса да, ишкен антында туратуғынлар.
5Пул берип, сүтхорлық қылмағанлар,
Айыпсызға қарсы гүўалық бериў ушын пара алмағанлар.
Мәңги сүрникпес усылай жасағанлар.
Copyright information for
KaaIBT22C