Psalms 72
1Асафтың жырыҚудай ҳақыйқаттан да Израилға,
Жүреги пәк болғанларға ийгиликли.
2Аяқларым тайып кете жазлады,
Сырғанап жығылыўдан сәл қалдым.
3Жаўызлардың абаданшылығын көрип,
Сол менменлерге ишим күйди.
4Олар өмириниң ақырына дейин, қайғы не екенин билмес,
Денелери саў-саламат.
5Адамзатта болатуғын қыйыншылықты көрмес,
Басқалар сыяқлы азап шекпес.
6Менменлик олардың мойнындағы моншағы,
Жаўызлық үстиндеги кийими сыяқлы.
7Олардың көзлерин май басқан,
Жүреклери тәкаббирликке толып тасқан.
8Адамлардың үстинен күлип, жаўыз нийетте сөйлер,
Менменлик етип, зулымлық қылыўды жобаластырар.
9Көклерге қарсы аўзын ашар,
Тиллери менен жер жүзин ийелер.
10Соның ушын, халық соларға қарай жүз бурар,
Сөзлерин болса, суўдай етип ишип алар.
11Олар былай дейди: «Қудай қалай биледи?
Қудай Тааланың хабары бар ма еди?»
12Мине, усындайдур жаўызлар,
Ҳәмме ўақытта тәшиўишсиз жасар,
Өз байлығын арттырар.
13Мен бийкарға жүрегимди пәк тутқан екенмен-дә,
Айыпсызбан, деп қолларымды жуўған екенмен-дә.
14Күни бойы азап шегемен,
Ҳәр күни азанда жазаланаман.
15Мен де олар сыяқлы сөйлейин, десем,
Қыянет еткен боламан Сениң ҳақыйқый халқыңа.
16Буларды түсиниў ушын ойланғанымда,
Мен ушын қыйын болды бул.
17Сениң мухаддес Ибадатханаңа киремен дегенше,
Түсинбеген едим олардың ақырети не болатуғынын.
18Шынында да, оларды тайғақ жерге қойғансаң,
Жерге қулатып, ўайран қыласаң.
19Олар күтилмегенде бирден қырылып қалады,
Қорқынышлы апат ишинде пүткиллей жоқ болады.
20Оянғанда умытылып кететуғын түс сыяқлы,
Сен қозғалғанда, Ийе,
Оларды елес сүлдердей көрип, менсинбейсең.
21Жүрегим ғамға толып,
Қәлбимде дәрт пайда болғанда,
22Мен надан болып, билмеген екенмен,
Саған ҳайўандай қатнаста болдым.
23Сонда да ҳәмме ўақытта Сениң менен биргемен,
Мениң оң қолымнан услағансаң.
24Нәсиятларың менен маған жол көрсетесең,
Кейин мени даңққа қарай жетелейсең.
25Сеннен басқа кимим бар аспанда?
Сеннен басқаны қәлемеймен жер жүзинде.
26Денем ҳәм қәлбим ҳәлсиреп баратыр,
Бирақ Қудай – Сен жүрегимниң күш-қуўатысаң,
Мениң мәңгилик үлесимсең.
27Сеннен узақласқанлар өлип кетеди,
Қырып таслайсаң Саған опасызлық қылғанларды.
28Ал мен ушын Қудай, Саған жақын болыў жақсы,
Барлық ислериңди жәриялайын деп,
Қудай Ийе, Сени пана қылып алдым өзиме.
Copyright information for
KaaIBT22C