Psalms 75
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылатуғын Асафтың жыры. Қосық2Яҳудада Қудай белгили,
Израилда Оның аты уллы.
3Оның қонысы Салим ▼
▼ Салим – Ерусалимниң ески аты.
қаласында,Жасайтуғын мәканы Сионда.
4Ол жерде сындырды отлы оқларды,
Қалқан, қылыш ҳәм саўаш қуралларын. Селаҳ
5Аңға толы таўлардағы арыслан киби,
Салтанатлы ҳәм қүдиретлисең.
6Қаза таўып тоналған батыр жаўынгерлер,
Мәңги уйқыға кетти.
Күшли жигитлердиң ҳеш бири қолын қозғалта алмайды.
7Яқыптың Қудайы, Сениң қорқынышлы даўысыңнан,
Атлар ҳәм арбакешлер естен танды.
8Жалғыз Сен айбатлысаң,
Ким алдыңда тура алады ғәзепленгениңде?
9– 10Дүньядағы езилгенлерди қутқарайын деп,
Ҳүким шығарыў ушын турдың, Қудай,
Көклерден ҳүкимиңди жәриялағаныңда,
Жер жүзи қорқып, тым-тырыс болып қалды. Селаҳ
11Адамзаттың ғәзеби Сениң даңқыңа айланар,
Қалған ғәзебин Өзиң басасаң.
12Ўәде бериңлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге,
Орынлаңлар өз ўәделериңизди.
Оның дөгерегинде болған барлығыңыз,
Қорқынышлы Қудайға сыйлар алып келиң.
13Ол ҳүкимдарлардың руўхын сөндирер,
Қорқыныш салар жер жүзиндеги патшаларға.
Copyright information for
KaaIBT22C