‏ Psalms 93

1Өш алыўшы Қудай, Жаратқан Ийе,
Өш алыўшы Қудай, нурыңды шаш!
2Тур, жер жүзин ҳүким етиўши,
Менменлерге ылайықлы жазасын бер!
3Жаратқан Ийе, жаўызлар қашанға дейин,
Қашанға дейин, үстем болып, йошланады?

4Аўызларынан менмен сөзлер шығып,
Залымлардың ҳәммеси мақтанып атыр.
5Жаратқан Ийе, олар халқыңды езип,
Өзиң таңлаған халқыңа азап берип атыр.
6Жесир ҳәм келгиндини өлтирип,
Жетимлерди жоқ қылып атыр.
7Олар: «Жаратқан Ийе көрмейди,
Яқыптың Қудайы итибар бермейди», – дейди.

8Ҳәй, халықтың ишиндеги ойсызлар, дыққат етиң,
Ҳәй, ақмақлар, қашан сизлерге ақыл киреди?
9Қулақты жаратқан еситпей ме?
Көзди дөреткен көрмей ме?
10Миллетлерге тәртип берген,
Адамзатқа билим берген жазаламай ма?
11Жаратқан Ийе адамзаттың пикирлерин,
Ҳәм олардың бийҳуда екенин биледи.

12Жаратқан Ийе, қандай бахытлы Сен тәртип берген,
Нызамыңды Өзиң үйреткен адам!
13Қыйын күнлерде оған тынышлық бересең,
Жаўызлар ушын шуқыр қазылғанша, ол аман болады.
14Аўа, Жаратқан Ийе халқын таслап кетпейди,
Өз меншик халқын тәрк етпейди.
15Ҳүкимниң тийкары және әдалат болады,
Әдил адамлар оның изине ереди.

16Ким мени қорғаў ушын жаўызларға қарсы шығады?
Ким мен ушын залымларға қарсы турады?
17Егер Жаратқан Ийе маған жәрдем бермегенде,
Жаным үнсиз өлим мәканына түсер еди.
18«Аяғым тайып атыр», – дегенимде,
Сениң сүйиспеншилигиң мени қоллады, Жаратқан Ийе.
19Ишим қайғы-уўайымға толып кеткенде,
Сениң жубанышың кеўлимди көтерди.

20Қағыйданы бәнелеп, наҳақлық қылған ҳүкимдар,
Сениң менен шерик бола ала ма?
21Олар ҳақ адамға қарсы бирлеседи,
Айыпсызға өлим жазасын береди.
22Бирақ Жаратқан Ийе мениң қорғаным,
Қудайым паналайтуғын жартасым.
23Қудайымыз Жаратқан Ийе олардың жаўыз ислерин,
Өз басына келтиреди.
Жаўызлықлары ушын оларды жоқ қылады,
Аўа, оларды жоқ қылады.
Copyright information for KaaIBT22C