‏ Psalms 1

1Қандай бахытлы мынадай адам:
Напәклердиң мәсләҳәти менен жүрмейтуғын,
Гүнакарлардың жолына аяқ баспайтуғын,
Сурбетлердиң арасында отырмайтуғын.
2Ал ол Жаратқан Ийениң көрсетпелеринен рәҳәтленер,
Күни-түни көрсетпелериниң үстинде ой жуўыртар.
3Ол ағын суў бойына егилген мийўе ағашына мегзер,
Мийўесин өз мәўсиминде берер,
Жапырақлары қуўрап қалмас,
Ол не ислесе де, табысқа ерисер.

4Ал напәклер болса бундай емес,
Олар самал ушырған қаўыққа уқсар.
5Соның ушын әдиллик болған жерде напәклер тура алмас,
Ҳақлардың жәмийетинде гүнакарларға орын болмас.
6Жаратқан Ийе ҳақлардың жолын гүзетер,
Ал наҳақлардың жолы өлимге жетеклер.
Copyright information for KaaIBT22C