Psalms 100
1Даўыттың жырыСүйиспеншилик ҳәм әдилликти қосық қылып айтаман,
Саз шертип, Сени алғыслайман, Жаратқан Ийе.
2Минсиз жолдан жүриўге дыққатлы боламан,
Маған қашан келесең?
Пәк жүрек пенен өмир сүремен үйимде.
3Жеркенишли нәрседен көзлерим жырақ болады,
Қыйсық жолларды жаман көремен,
Ондай ислердиң маған жабысыўына жол қоймайман.
4Азғын жүрек меннен аўлақ болсын,
Жаўызлықты билиўди де қәлемеймен.
5Достының артынан мыш-мыш айтқанның үнин өширемен,
Тәкаббир ҳәм менмен адамларға тақатым жоқ.
6Көзим елдеги садық адамлардың үстинде болады,
Олардың жанымда болыўын қәлеймен,
Минсизлик жолынан жүретуғын адам,
Маған хызмет етеди.
7Ҳийлекерлик қылатуғын мениң сарайымда жасамайды,
Өтирик сөйлейтуғын көз алдымда тура алмайды.
8Ҳәр таңда елдеги жаўызларды жоқ қыламан,
Барлық залымларды Жаратқан Ийениң қаласынан жоқ қыламан.
Copyright information for
KaaIBT22C