Psalms 101
1Езилген бийшараның Жаратқан Ийеге өз дәртин айтып, еткен дуўасы2Жаратқан Ийе, дуўамды есит,
Пәриядым Саған жетип барсын.
3Қыйын күнимде жүзиңди меннен жасырма,
Қулақ сал мениң даўысыма,
Сени шақырғанымда, тез жуўап бер маған.
4Өмирим түтиндей жоқ болып,
Сүйеклерим оттай жанып атыр.
5Жүрегим қуўраған шөптей болып қалды,
Аўқат жеўди де умыттым.
6Дад салып, аҳыў-нала шеккенликтен,
Етим сүйеклериме жабысқан.
7Мен қула дүздеги узақшаға уқсайман,
Қарабақанаға айланған жерлердеги байыўлы сыяқлыман.
8Көзиме уйқы келмейди,
Там басындағы жалғыз бир қус яңлыман.
9Күни бойы душпанларым мени мазақ қылады,
Мени мазақлаўшылар атымды нәлет айтыў ушын қолланады.
10Нан орнына күл жеп атырман,
Көз жасымды ишимлигиме араластыраман.
11Сениң ашыў ҳәм қәҳәриң себепли усындай қылып атырман.
Аўа, Сен мени көтерип, ылақтырдың.
12Кешки ўақыттағы көлеңкеге уқсайды өмирим,
Шөп сыяқлы, сарғайып солып атырман.
13Бирақ Сен, тахтыңда мәңги отырасаң, Жаратқан Ийе,
Сениң даңқың әўладтан-әўладқа даўам етеди.
14Орныңнан турып, Сионға реҳим ет,
Оған мийрим-шәпәәт көрсететуғын ўақыт келди,
Белгиленген ўақыт-саат жетип келди.
15Қулларың оның тасларын да қәдирлейди,
Оның топырағы ушын жанлары ашыйды.
16Миллетлер Жаратқан Ийениң атынан,
Жер жүзиндеги патшалар Оның салтанатынан қорқады.
17Жаратқан Ийе Сионды қайта тиклейди,
Өз салтанаты менен пайда болады.
18Гедейлердиң дуўасына қулақ салады,
Пәриядынан бас тартпайды.
19Еле туўылмаған халық Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтсын,
Мыналар кейинги әўлад ушын жазылсын:
20– 21Тутқынлардың наласын тыңлаў ушын,
Өлимге ҳүким етилгенлерди қутқарыў ушын,
Жаратқан Ийе жоқарыдағы мухаддес мәканынан қарады,
Көклерден жер жүзине нәзер таслады.
22Солай етип, Жаратқан Ийениң аты Сионда,
Алғыс-мақтаў Ерусалимде жәрияланады.
23Халықлар ҳәм патшалықлар,
Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын жыйналады.
24Өмир жолымда Ол мени күштен қалдырды,
Өмир жасымды қысқартты.
25Мен былай дедим:
«Қудайым, өмиримниң жартысында жанымды алма!
Сениң жылларың даўам етер әўладтан-әўладқа!
26Әзелден жер жүзин орнаттың,
Көклер Сениң қолларыңның дөретпеси.
27Олар жоқ болады, ал Сен даўам етесең,
Олардың ҳәммеси кийимдей тозып қалады,
Шапандай етип оларды алмастырасаң,
Олар жоқ болып кетеди.
28Бирақ Сен өзгермейсең,
Ҳеш таўысылмайды Сениң жылларың.
29Қулларыңның балалары усы жерди мәканлайды,
Әўладлары Сениң алдыңда қәўипсиз жасайды».
Copyright information for
KaaIBT22C