Psalms 102
1Даўыттың жырыЖаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!
Оның мухаддес атына алғыслар айт, ҳәй пүткил барлығым!
2Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!
Умытпа Оның барлық жақсылықларын!
3Барлық айыпларымды кеширетуғын,
Ҳәмме кеселиме шыпа беретуғын,
4Жанымды өлим шуқырынан азат ететуғын,
Сүйиспеншилик ҳәм реҳим тажын кийдиретуғын,
5Өмиримди ийгилик пенен толтыратуғын Ол,
Мени бүркиттей етип, жаслығымды тиклейди.
6Жаратқан Ийе барлық езилгенлерге,
Ҳақлық ҳәм әдалатлық қылады.
7Өз жолларын Муўсаға,
Ислерин израиллыларға көрсетти.
8Жаратқан Ийе реҳимли ҳәм мийримли,
Сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги уллы.
9Ол бәрқулла айыплай бермейди,
Мәңгиге кек те сақламайды.
10Бизлерге гүналарымызға қарап қатнас қылмайды,
Жаманлықларымызды өзимизге қайтармайды.
11Көклер жер жүзинен қаншелли жоқары болса,
Оның Өзинен қорқатуғынларға болған сүйиспеншилиги де соншелли уллы.
12Шығыс батыстан қаншелли узақ болса,
Ол жынаятларымызды бизлерден соншелли узақластырды.
13Әке балаларына қандай реҳим қылса,
Жаратқан Ийе де Өзинен қорқатуғынларға сондай реҳим қылады.
14Ол бизлердиң қандай жаралғанымызды биледи,
Топырақтан екенимизди умытпайды.
15Адамзаттың өмири шөпке уқсайды,
Даладағы гүлдей болып гүллейди.
16Самал ескенде, жоқ болып кетеди,
Болған жери оны қайтып танымайды.
17– 18Бирақ Жаратқан Ийе Өзинен қорқатуғынларды мәңги сүйеди,
Оның келисимине әмел қылғанлардың,
Ҳәм пәрманларына муқыятлы түрде бойсынғанлардың,
Балаларының балаларына садықлығы даўам етеди.
19Жаратқан Ийе Өз тахтын көклерге орнатты,
Оның патшалығы ҳәмме жерди өз ишине алады.
20Оның сөзине қулақ салып,
Айтқанларын орынлайтуғын,
Қүдирети күшли периштелер,
Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!
21Жаратқан Ийениң көктеги ләшкерлери,
Оның еркин орынлайтуғын хызметкерлери,
Оған алғыс-мақтаўлар айтың!
22Жаратқан Ийеге алғыслар айтың,
Ҳәй, Оның патшалығындағы барлық жаратылыс!
Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!
Copyright information for
KaaIBT22C