Psalms 103
1Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!Қудайым Жаратқан Ийе, Сен оғада уллысаң!
Салтанат ҳәм уллылыққа бөленгенсең,
2Шапандай етип нурға оранғансаң,
Көклерди шатырдай етип жайғансаң,
3Сарайыңды жоқарыдағы суўлардың үстине қурғансаң,
Бултларды Өзиңе саўаш арбасы қылғансаң,
Самалдың қанатларына минип кетесең.
4Самалларды Өзиңе хабаршы,
От жалынларын хызметкер қыласаң.
5Сен жерди тийкар үстине орнаттың,
Ол мәңги-бақый орнынан қозғалмас.
6Оған туңғыйықты кийим сыяқлы кийгиздиң,
Ҳәттеки, таўлардың жоқарысын да суў қаплаған.
7Сениң кейислериңнен суўлар қашты,
Гүркиреген даўысыңнан олар шегинди.
8Таўлардан асып, ойпатлықларға түсти,
Өзиң белгилеген жерлерге ақты.
9Суўлар тасып кетпесин, жер жүзин және қапламасын деп,
Олар ушын шегара қойдың.
10Булақларды сайларға қарай,
Таўлар арасы менен ағызасаң.
11Олар барлық жабайы ҳайўанларды суўғарады,
Қуланлардың шөлин қандырады.
12Қуслар суў бойларында жасайды,
Путалар арасынан олар сайрайды.
13Көктеги үйиңнен таўларды суўғарасаң,
Жер жүзи ислериңниң мийўесинен тояды.
14Малларды шөплер менен тәмийинлейсең,
Адамлар мийнет пенен азығын алсын деп,
Жерге егинлер өсиресең.
15Кеўиллерин көтеретуғын шарапты,
Жүзлерине нур беретуғын зәйтүн майын,
Күш-қуўат беретуғын нанды Сен бересең.
16Жаратқан Ийениң тереклери,
Өзи тиккен Лебанондағы кедр ағашлары суўға қанады.
17Қуслар тереклерде уя қурады,
Ләйлектиң уясы бар сәрўи ағашларында.
18Таў ешкилери бийик таўларда жасайды,
Жартасларда даманлардың ▼
▼ Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.
инлери бар.19Ўақытты белгилесин деп, айды,
Бататуғын ўақтын билетуғын қуяшты жараттың.
20Қараңғылық шөктиргениңде, түн болады,
Сонда тоғай ҳайўанлары гезип жүреди.
21Арысланлар ақырып, олжа излейди,
Қудайдан азығын сорайды.
22Қуяш шыққанда, олар изине қайтады,
Өзлериниң инлерине барып жатады.
23Адам өз жумысларына шығады,
Кешке дейин жумысы менен бәнт болады.
24Қаншелли ислер қылдың, Жаратқан Ийе!
Ҳәммесин даналық пенен жараттың,
Жер жүзи жаратқанларың менен толы.
25Мине, ушы-қыйыры жоқ теңизлер,
Ишинде қайнаған сансыз жанзатлар,
Үлкен-киши жаныўарлар.
26Ол жерде кемелер жүзеди,
Ишинде ойнасын деп, жараттың Лиўятанды ▼
▼ Лиўятан – теңизде жасайтуғын үлкен мақлуқ.
.27Ўақтында ырысқымызды берсин, деп,
Олардың ҳәммеси Саған көз тигеди.
28Ырысқысын бергениңде, олар жыйнап алады,
Қолларыңды ашқаныңда, олар жеп тояды.
29Жүзиңди жасырғаныңда, олар сасқалақлап қалады,
Жанларын алсаң, олар өлип, топыраққа қайтады.
30Жан берсең, олар жаратылады,
Жаңадан өмир бересең жер жүзине.
31Жаратқан Ийениң салтанаты мәңги даўам етсин!
Жаратқан Ийе шадлансын Өз жаратқанларына!
32Ол жер бетине көз тасласа, жер титирейди,
Таўларға қол тийгизсе, таўлар түтейди.
33Өмирим бойы Жаратқан Ийени жырлайман,
Бар екенмен, саз шертип, Қудайыма алғыслар айтаман.
34Ой-пикирлерим Оған мақул болсын,
Жаратқан Ийеде қуўанаман!
35Жер жүзинен гүнакарлар жоқ болсын,
Буннан былай жаўызлар болмасын!
Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!
Ҳалилуйя! ▼
▼ Ҳалилуйя – «Жаратқан Ийени алғыслаң» деген мәнисте.
Copyright information for
KaaIBT22C