‏ Psalms 104

(1Жлн 16:8-22)

1Жаратқан Ийени алғыслап, атын айтып шақырың,
Оның ислерин халықларға билдириң!
2Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың,
Барлық әжайып ислерин баян етиң!
3Оның мухаддес аты менен мақтаның,
Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
4Жаратқан Ийени ҳәм Оның қүдиретин излең,
Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
5Есте сақлаң Оның ислеген әжайып ислерин,
Кәраматларын ҳәм аўзынан шыққан ҳүкимлерин,
6Ҳәй, Оның қулы Ибрайымның урпақлары,
Ол таңлап алған Яқыптың балалары!

7Ол – Жаратқан Ийе, бизлердиң Қудайымыз!
Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
8Мәңги есте сақлайды Өз келисимин,
Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин,
9Ибрайым менен дүзген келисимин,
Ысаққа берген антын.
10Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады,
Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
11«Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип,
Қанан жерин саған беремен», – деди.

12Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди,
Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
13Олар бир халықтан екиншисине,
Бир патшалықтан екиншисине гезип жүрген еди.
14Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады,
Олар ушын патшаларға ескертиў берип:
15«Мениң майлағанларыма тиймең,
Пайғамбарларыма жаманлық қылмаң!», – деди.

16Елге ашлық жиберди,
Бир тислем нанға зар қылды.
17Олардың алдынан бир адамды жиберди,
Аўа, Юсуп қул болып сатылды.
18Оның аяқлары шынжырланды,
Мойнына буғаў салынды.
19Оның айтқанлары орынланғанша,
Жаратқан Ийениң сөзи оны сынады.
20Патша адам жиберип, Юсупти босатты,
Халықлардың ҳүкимдары оны азат қылды.
21Оны өз сарайының басқарыўшысы,
Пүткил ийелигиниң ҳүкимдары етип тайынлады.
22Қәлесе, хызметкеримди шынжырласын,
Ақсақалларыма даналық үйретсин, деди.

23Кейин Израил Мысырға келди,
Яқып Мысырға, яғный Хам үлкесине орналасты.
24Жаратқан Ийе оның халқын берекетледи,
Душпанларына қарағанда, олардың санын көбейтти.
25Кейин Ийемиз Мысыр халқының жүрегинде,
Өз халқына деген жек көриўшилик оятты.
Мысыр халқы Оның қулларына қарсы,
Ҳийлекерлик қыла баслады.

26Ол Өз қулы Муўсаны,
Өзи таңлап алған Харонды жиберди.
27Олар көрсетти Жаратқан Ийениң кәраматлы белгилерин,
Хам үлкесинде әжайып ислерин.
28Жаратқан Ийе қараңғылық жиберип, елди тас түнек қылды,
Муўса менен Харон Оның сөзлерине қарсы шықпады.
29Олардың суўларын қанға айландырды,
Ондағы балықларды набыт қылды.
30Мысыр жери қурбақаларға толып кетти,
Ҳәттеки, патшасының бөлмесине кирди.
31Жаратқан Ийе буйырғанда, ийтшыбынлар ушып келди,
Ширкейлер пүткил елди қаплады.
32Жаўынның орнына буршақ жаўдырды,
Шақмақ шақтырды олардың елинде.
33Жүзимзарларын ҳәм әнжир ағашларын қуртты,
Елдеги барлық тереклерди сындырды.
34Ол буйырғанда, шегирткелер келди,
Сансыз шекшеклер пайда болды.
35Олар елдеги барлық өсимликлерди,
Атызлардағы егинлерди жеп таўысты.
36Жаратқан Ийе елдеги туңғышлардың ҳәммесин,
Ҳәр бириниң белиндеги күшиниң биринши жемиси болған балаларын өлтирди.

37Израиллыларды елден гүмис ҳәм алтын менен шығарды ,
Урыўларының ишинде сүрниккени болмады.
38Олар шығып кеткенде, Мысыр қуўанды,
Мысыр халқы Израилдан қорқып қалған еди.
39Жаратқан Ийе Израилды булт пенен жаўды,
Түнде жақты болсын, деп от берди .
40Халық сорағанда, оларға бөденелер жиберди,
Аспаннан нан жаўдырып, оларды тойдырды .
41Тасты жарды, суў атлығып шықты,
Қуўраған жерлерден дәрья болып ақты .
42Ол Өз мухаддес ўәдесин,
Қулы Ибрайымға берген сөзин ядына алды .

43Халқын қуўаныш ишинде,
Таңлағанларын шадлық пенен елден алып шықты.
44Басқа миллетлердиң жерлерин оларға берди,
Сол халықлардың мийнетин мүлик қылып алды.
45Солай етип, Оның қағыйдаларын орынлап,
Нызамларына бойсыныўы ушын иследи.

Ҳалилуйя!
Copyright information for KaaIBT22C