Psalms 105
1Ҳалилуйя!Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли,
Садықлығы мәңги даўам етеди.
2Жаратқан Ийениң уллы ислерин ким айтып бере алады?
Ким Оған ылайықлы түрде алғыс айта алады?
3Қандай бахытлы әдалатлық пенен ис тутқанлар,
Ҳәмме ўақытта туўры ислерди қылғанлар!
4Жаратқан Ийе, халқыңа реҳим еткениңде, есле мени,
Қутқарғаныңда, мени де итибарға ал.
5Таңлағанларыңның бахытын көрейин,
Халқыңның қуўанышын көрип, қуўанайын,
Халқыңның мақтанышын бирге бөлисейин.
6Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де гүна иследик,
Айып ислер ҳәм жаўызлық қылдық.
7Ата-бабаларымыз Мысырда болған ўақытта,
Ислеген әжайып ислериңе итибар бермеди,
Сениң мол сүйиспеншилигиңди еслемеди,
Теңиз бойында, Қызыл теңизде қозғалаң көтерди.
8Бирақ Жаратқан Ийе қүдиретин көрсетиў ушын,
Өз аты ушын оларды қутқарды.
9Қызыл теңизге бақырды, теңиз қурып қалды,
Қурғақ жерден жүргизгендей,
Оларды теңиз түби арқалы өткерди.
10Оларды жек көретуғынлардың қолынан қутқарды,
Душпанларының қолынан азат қылды.
11Жаўларын суў басты,
Олардың ҳеш бири аман қалмады.
12Сонда ата-бабаларымыз Оның сөзине исенди,
Оны алғыслап, қосық айтты. ▼
13Деген менен, олар Жаратқан Ийениң ислерин дәрҳал умытты,
Оның көрсететуғын жол-жорығын күтип отырмады.
14Шөлде олар нәпсихорлыққа берилди,
Изсиз далада Қудайды сынады.
15Қудай олардың сорағанын берди,
Бирақ оларға аўыр кеселлик жиберди ▼.
16Ордада олар Муўсаны,
Жаратқан Ийениң мухаддеси болған Харонды күнледи,
17Жер жарылып, Датанды жутып жиберди,
Абирам менен оның шериклерин жалмады.
18Олардың изинен жүргенлерге от түсти,
Жалын жандырып жиберди жаўызларды. ▼
19Хореб таўында тананың мүсинин ислеп алды,
Сол қуйып ислеген бутына табынды.
20Шөп жейтуғын тананың мүсинине,
Қудайдың уллылығын алмастырды.
21Олар умытты өзлерин қутқарған Қудайды,
Мысырда уллы ислерди ислегенди,
22Хам үлкесинде әжайып ислерди көрсеткенди,
Қызыл теңизде таң қаларлық ислерди қылғанды.
23Соның ушын, Қудай оларды жоқ қылатуғынын айтты,
Бирақ таңлаған адамы Муўса араға түсип,
Оны қуртаман деген ғәзебинен қайтарды. ▼
24Кейин әжайып елден жүз бурды,
Қудайдың берген ўәдесине исенбеди.
25Өз шатырларында тоңқылдады,
Жаратқан Ийениң айтқанларына қулақ салмады.
26Соның ушын, Жаратқан Ийе ант ишип:
«Сизлерди шөлде қуртып таслайман,
27Урпақларыңызды миллетлер арасына тарқатаман,
Өзге еллерге шашып жиберемен», – деди. ▼
28Олар Пеордағы Баалға байланып қалды,
Өлилерге берилген қурбанлық гөшинен жеди.
29Олар өз қылмыслары менен Жаратқан Ийени ғәзеплендирди,
Сонлықтан оба кеселлиги олардың арасына жайылды.
30Пинехас турып, араға түсти,
Сонда апат та тоқтады.
31Оның бул иси әдиллик саналып,
Әўладтан-әўладқа мәңги даўам етеди. ▼
32Мериба суўлары жанында олар Жаратқан Ийени және ғәзеплендирди,
Олар себепли Муўсаның басына қайғы түсти.
33Олар Муўсаның ашыўына тийди,
Ол да ойланбастан сөйледи. ▼
34Жаратқан Ийе жоқ етиўди буйырса да,
Олар жоқ етпеди халықларды.
35Басқа халықлар менен араласты,
Олардың үрп-әдетлерин үйренди.
36Олардың бутларына табынды,
Бутлар олар ушын дузақ болды.
37Ул ҳәм қызларын,
Жинлерге қурбанлық қылды.
38Қанан бутларына қурбанлық болсын деп,
Ул ҳәм қызларының қанын,
Айыпсызлардың қанын төкти.
Ел төгилген қан себепли ҳарамланды.
39Олар ислери менен ҳарам болды,
Қылмыслары менен опасызлық қылды. ▼
40Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады халқына қарсы,
Жеркенди Өзиниң меншик халқынан.
41Оларды басқа халықларға тәслим қылды,
Жек көретуғынлары оларға ҳүкимдар болды.
42Душпанлары оларды езди,
Олардың қол астында баслары ийилди.
43Жаратқан Ийе оларды көп мәрте қутқарды,
Бирақ олардың ақыл-еси қозғалаң көтериў болды,
Гүналары себепли пәске урылды. ▼
44Сонда да, Жаратқан Ийе халықтың қыйыншылығына итибар берди,
Дад-пәриядына қулақ салды.
45Олар ҳақы Өз келисимин еследи,
Уллы сүйиспеншилиги себепли оларға реҳим қылды.
46Оларды тутқынға алғанларды,
Реҳимли болыўға ийтермеледи.
47Қутқар бизлерди, Қудайымыз Жаратқан Ийе,
Басқа халықлар арасынан бизлерди жыйна.
Мухаддес атыңды тәрийиплейик,
Саған алғыс айта алғанымыз ушын мақтанайық.
48Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге,
Әўел бастан, мәңгиге дейин алғыслар болсын!
Пүткил халық: «Аўмийин!» – десин.
Ҳалилуйя!
Copyright information for
KaaIBT22C