Psalms 106
1Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли,Садықлығы мәңги даўам етеди.
2Солай десин Жаратқан Ийениң қутқарғанлары,
Душпан қолынан азат етип алғанлары,
3Шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладан,
Шет еллерден жыйнап алғанлары.
4Базылары изсиз далаларда гезип жүрди,
Мәканлаў ушын қалаға жол таппады.
5Аш болып, шөллеп қалды,
Жанлары ҳәлсиреп, өле жазлады.
6Сонда олар азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарынды,
Жаратқан Ийе оларды азаптан азат етти.
7Мәканлай алатуғын қалаға оларды,
Туўры жол менен жетелеп, баслап барды.
8Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын,
Адамларға ислеген әжайып ислери ушын.
9Ол шөллегенниң шөлин қандырды,
Аш болғанды жақсы азықлар менен тойдырды.
10Базылары тас түнек қараңғылықта,
Шынжырланып, азап ишинде отырды.
11Олар Қудайдың сөзлерине қарсы шығып,
Қудай Тааланың үгит-нәсиятларын менсинбеген еди.
12Ол аўыр жумыслар менен олардың көкирегин басты,
Жығылғанда, жәрдем беретуғын ҳеш ким болмады.
13Сонда олар азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарынды,
Жаратқан Ийе оларды азаптан қутқарды.
14Алып шықты тас түнек қараңғылықтан,
Үзип таслады шынжырларын.
15Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын,
Адамларға ислеген әжайып ислери ушын!
16Ол қола дәрўазаларды сындырды,
Темир тәмбилерди екиге бөлип таслады.
17Базылары жынаят қылып, ақмақтай болды,
Гүналары себепли азап шекти.
18Барлық азық-аўқаттан жүреклери айнып,
Өлим аўзына жақынлап қалды.
19Сонда олар азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарынды,
Жаратқан Ийе оларды азаптан қутқарды.
20Сөзин жиберип, шыпалады,
Қәбирден оларды қутқарды.
21Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын,
Адамларға ислеген әжайып ислери ушын!
22Миннетдаршылық қурбанлықларын усынсын,
Оның ислерин бәлент даўыс пенен жәрияласын!
23Базылары кемелер менен теңизге шығып,
Шексиз суўларда саўда қылды,
24Жаратқан Ийениң ислерин,
Терең суўларда ислеген әжайып ислерин көрди.
25Ол буйрық бергенде, даўыл басланды,
Теңиз толқынлары бийик көтерилди.
26Кемелер жоқары көтерилип, және туңғыйыққа түсти,
Апаттан кемедегилердиң руўхлары түсип кетти.
27Олар мәскүнемдей шайқалып жүрди,
Олардың шеберликлери нәтийже бермеди.
28Сонда олар азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарынды,
Жаратқан Ийе оларды апаттан алып шықты.
29Ол даўылды тынышландырды,
Теңиз толқынлары да басылды.
30Даўыл тоқтағанда, олар қуўанды,
Өзлери гөзлеген мәнзилге Жаратқан Ийе жеткерди.
31Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын,
Адамларға ислеген әжайып ислери ушын!
32Оны уллыласын жәмийет ишинде,
Алғыслар айтсын ақсақаллар жыйынында.
33Ол дәрьяларды шөлге,
Булақларды кеўип қалған жерге айландырады.
34Турғынларының жаўызлығы себепли,
Өнимли топырақты шор жерге айландырады.
35Ал шөлди көллерге,
Кеўип қалған жерди булақларға айландырады.
36Ашларды сол жерге жайластырады,
Олар жасаў ушын қала қурады.
37Егин егип, жүзимзарлар отырғызады,
Солардан мол өним алады.
38Жаратқан Ийениң жарылқаўы астында,
Олар өсип-өнеди,
Малларының саны көбейеди.
39– 40Жаратқан Ийе хор қылды ақсүйеклерди,
Изсиз бир шөлде гездирди оларды.
Күшли езиўшиликтен ҳәм азаптан,
Олардың саны азайып, көкиреклери басылды.
41Ал жарлыларды болса, езиўшиликтен қутқарды,
Қой сүриўиндей етип, зүрядын көбейтти.
42Ҳақ адамлар буны көрип шадланады,
Наҳақлар болса аўызларын жабады.
43Ким дана болса, усыларға итибар берсин,
Жаратқан Ийениң сүйиспеншилигин аңласын.
Copyright information for
KaaIBT22C