‏ Psalms 109

1Даўыттың жыры
Жаратқан Ийе ийеме былай деди:
«Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр».

2Жаратқан Ийе Сионнан баслап патшалығыңды кеңейтеди,
Душпанларыңның үстинен ҳүкимдарлық қыл!
3Сен саўашқа атланғаныңда,
Ләшкерлериң өз қәлеўи менен изиңе ереди.
Таң қушағынан туўылған шық сыяқлы,
Мухаддес кийимлер ишинде,
Жаслар сениң алдыңа келеди.
4Жаратқан Ийе ант ишти, Өз қарарынан қайтпайды:
«Сен Мелкиседек сыяқлы,
Мәңгиге руўханий болып қаласаң!» – деди.

5Ийе сениң оң жағыңда,
Ол Өзиниң ғәзеп күнинде патшаларды езип таслайды.
6Миллетлерге қарсы ҳүким шығарып,
Өликлерди үйип таслайды,
Пүткил жер жүзиндеги ҳүкимдарларды езип таслайды.
7Патша жол бойындағы өзектен суў ишеди,
Ол басын жоқары көтереди.
Copyright information for KaaIBT22C