‏ Psalms 11

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Төменги даўыста айтылатуғын Даўыттың жыры
2Қутқар мени, Жаратқан Ийе, садық қулың қалмады,
Исенимли адамлар жоқ болды.
3Ҳәмме бир-бирине жалған сөйлер,
Еки жүзлилик қылып, жалатайлық қылар.

4Жаратқан Ийе кессин еки жүзлилердиң тиллерин,
Мақтаншақ аўызларды жаўып тасласын.
5Олар: «Тилимиз бенен жеңиске ерисемиз,
Ким бизге хожайынлық қылады?» – деп айтады.

6Жаратқан Ийе былай дейди:
«Бийшаралар зулымлық көрди,
Жарлылар ҳәсирет шекти. Енди қозғаламан,
Өзлери умтылған қутқарылыўды беремен».
7Жаратқан Ийениң сөзлери пәкдур,
Оның сөзлери мегзер,
Жети мәрте ошақта тазаланған гүмиске.

8Жаратқан Ийе, Сен оларды қорғайсаң,
Жаўыз нәсиллерден бәрқулла сақлайсаң!
9Адамлар арасында жаманлық мақталғанда,
Толып жүрер жаўызлар ҳәр тәрепте.
Copyright information for KaaIBT22C