‏ Psalms 110

1Ҳалилуйя!

Ҳақ адамлардың жыйынында,
Жәмийет ишинде,
Пүткил жүрегим менен Жаратқан Ийени тәрийиплеймен.
2Жаратқан Ийениң ислери уллы,
Олардан ләззет алатуғынлар оларды изертлейди.
3Оның ислери салтанатлы ҳәм уллы,
Әдалатлығы мәңгиге даўам етеди.

4Жаратқан Ийе умытылмас әжайып ислер қылды,
Ол мийримли ҳәм реҳимли.
5Өзинен қорқатуғынларға нан береди,
Дүзген келисимин ҳеш ўақытта умытпайды.
6Басқа халықлардың жерлерин Өз халқына берип,
Көрсетти оларға қүдиретли ислерин.
7Ислеген ҳәр бир исинде садық ҳәм әдил,
Оның барлық пәрманлары исенимли.
8Булар мәңги-бақый беккем турады,
Садықлық ҳәм әдалатлық пенен орынланыўы тийис.
9Ол Өз халқын азат етти,
Олар менен мәңгиге келисим дүзди.
Оның аты мухаддес ҳәм айбатлыдур.

10Жаратқан Ийеден қорқыў – даналықтың басы,
Оның буйрықларын орынлағанның ҳәммеси,
Ақыл-парасаттың ийеси болады.
Оған мәңги алғыс-мақтаў айтылады!
Copyright information for KaaIBT22C