Psalms 112
1Ҳалилуйя!Алғыслар айтың, ҳәй Жаратқан Ийениң қуллары,
Жаратқан Ийениң атына алғыслар айтың!
2Ҳәзир ҳәм мәңгиге,
Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!
3Шығыстан батысқа дейин,
Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!
4Жаратқан Ийе барлық миллетлерден бәлентте,
Оның салтанаты көклерден де жоқары.
5Жоқарыда тахтта отырған,
Қудайымыз Жаратқан Ийеге ким теңлесе алады?
6Ол ийилип қарайды,
Көктегилерге ҳәм жер жүзиндегилерге.
7Жарлыны топырақтан көтерип алып,
Бийшараны тасланды арасынан алып шығады.
8Оларды отырғызады ақсүйеклер менен,
Халқының ақсүйеклери менен.
9Бийперзент ҳаялды өз үйинде жарылқап,
Оған перзент сыйлап, бахытлы қылады.
Ҳалилуйя!
Copyright information for
KaaIBT22C