‏ Psalms 114

1Жаратқан Ийени сүйемен,
Ол дадымды еситеди.
2Маған қулақ түргени ушын,
Өмирим бойы, Оны шақыраман.

3Өлим арқанлары мени орап алды,
Өлилер мәканының қорқынышы қыйнады,
Мени ҳәсирет ҳәм қайғы басты.
4Сонда Жаратқан Ийениң атын айтып шақырдым,
«О Жаратқан Ийе, жанымды қутқар!» – дедим.

5Жаратқан Ийе меҳрибан ҳәм әдил,
Қудайымыз реҳимли.
6Жаратқан Ийе сада адамларды сақлайды,
Қәўип-қәтерде қалғанымда, мени қутқарады.
7Ҳәй, жаным, және рәҳәтлен,
Жаратқан Ийе саған жақсылық қылды.

8Жаратқан Ийе, Сен жанымды өлимнен,
Көзлеримди жастан,
Аяқларымды сүрнигиўден сақладың.
9Тирилердиң әлеминде,
Жаратқан Ийениң дәргайында жүремен.
Copyright information for KaaIBT22C