‏ Psalms 115

1«Қатты азап шегип атырман», – дегенимде де,
Мен исенимимди жойтпадым.
2Асығып, албырағанымда,
«Барлық адамлар өтирикши», – дедим.

3Маған қылған соншелли көп жақсылықларын,
Жаратқан Ийеге қалай қайтараман?
4Қутқарғаны ушын ишимлик садақасын усынаман,
Жаратқан Ийениң атын айтып шақыраман.
5Пүткил халқының алдында,
Жаратқан Ийеге айтқан антымды орынлайман.

6Садық қулларының өлими,
Жаратқан Ийениң нәзеринде қымбатлыдур.
7О Жаратқан Ийе, шынында мен Сениң қулыңман,
Шорыңның улыман,
Сен мени буғаўдан азат еттиң.

8Миннетдаршылық қурбанлығын Саған усынып,
Сениң атыңды айтып шақыраман, Жаратқан Ийе.
9 10Жаратқан Ийениң Үйиниң ҳәўлисинде,
Ерусалим, сениң қақ ортаңда,
Пүткил халықтың алдында,
Жаратқан Ийеге айтқан антымды орынлайман.

Ҳалилуйя!
Copyright information for KaaIBT22C