Psalms 117
1Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли,Садықлығы мәңги даўам етеди!
2Израил халқы былай десин:
«Садықлығы мәңги даўам етеди!»
3Харонның урпағы былай десин:
«Садықлығы мәңги даўам етеди!»
4Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар былай десин:
«Садықлығы мәңги даўам етеди!»
5Қыйын жағдайымда Жаратқан Ийеге жалбарындым,
Жуўап берип, Ол мени кеңисликке шығарды.
6Жаратқан Ийе мениң менен бирге, қорқпайман,
Не қыла алады адамлар маған?
7Жаратқан Ийе мениң менен бирге, Ол мениң мәдеткерим,
Мени жек көргенлердиң жеңилисин көремен.
8Адамнан үмит еткеннен гөре,
Жаратқан Ийеден пана излеген жақсы.
9Ақсүйеклерден үмит еткеннен гөре,
Жаратқан Ийеден пана излеген жақсы.
10Барлық миллетлер мени қоршап алды,
Жаратқан Ийениң аты менен қыйраттым оларды.
11Қоршап алып, маған ҳүжим қылды,
Жаратқан Ийениң аты менен қырдым оларды.
12Ҳәррелердей мени қоршап алды,
Бирақ жанған тикен путасындай тез өшип қалды,
Жаратқан Ийениң аты менен қырдым оларды.
13Мени қулатыў ушын қатты ийтерди,
Бирақ Жаратқан Ийе маған жәрдем берди.
14Жаратқан Ийе күш-қүдиретим,
Қутқарыўға келди Ол мени.
15Шадлық ҳәм жеңис даўыслары,
Жаңлайды ҳақ адамлардың шатырларында:
«Жаратқан Ийениң оң қолы қүдиретли ислер қылады!
16Жаратқан Ийениң оң қолы жеңис береди,
Жаратқан Ийениң оң қолы қүдиретли ислер қылады!»
17Мен өлмеймен, жасайман,
Жаратқан Ийениң ислерин жәриялайман.
18Жаратқан Ийе мени қатаң жазалап, жолға салды,
Бирақ өлимге тапсырмады.
19Ашың маған ҳақлық дәрўазаларын,
Кирип, Жаратқан Ийени тәрийиплейин.
20Бул Жаратқан Ийениң дәрўазасы!
Ҳақ адамлар оннан кире алады.
21Сени тәрийиплеймен, себеби маған жуўап бердиң,
Мени қутқарыўға келдиң.
22Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
23Жаратқан Ийе қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!
24Бүгин Жаратқан Ийениң жаратқан күни,
Усы күни қуўанып, шадланайық!
25Жалбарынамыз, Жаратқан Ийе, қутқар бизлерди,
Жалбарынамыз, Жаратқан Ийе, бизлерге әўмет бер!
26Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!
Жаратқан Ийениң Үйинен саған пәтия беремиз.
27Жаратқан Ийе – Қудайдур, бизлерге нур береди,
Байрамды белгилеп баслаң,
Жапырақлы шақаларды алып, қурбанлық орынға барың.
28Сен мениң Қудайымсаң, Сени тәрийиплеймен,
Сен мениң Қудайымсаң, Сени уллылайман.
29Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли,
Садықлығы мәңги даўам етеди.
Copyright information for
KaaIBT22C