‏ Psalms 118

1Қандай бахытлы минсиз жолдан жүргенлер,
Жаратқан Ийе, Сениң нызамың бойынша жасайтуғынлар!
2Қандай бахытлы Сениң шәртлериңе әмел қылатуғынлар,
Шын жүреги менен Сени излегенлер!
3Олар ҳеш қандай наҳақлық қылмас,
Сениң жолыңда жүрер.
4Берген пәрманларыңды,
Муқыятлы түрде орынлаўымызды тапсырдың.
5Қәне енди, турақлы болсам,
Сениң қағыйдаларыңды орынлаўда!
6Егер барлық буйрықларыңнан нәзеримди айырмасам,
Мен шерменде болмайман.
7Сениң әдил нызамларыңды үйренгенимде,
Пәк жүрек пенен Саған алғыс-мақтаў айтаман.
8Қағыйдаларыңды орынлайман,
Мени пүткиллей таслап кетпе!

9Жас жигит қалай пәк жол менен жүре алады?
Сениң сөзиң бойынша жасаў арқалы соған ериседи.
10Пүткил жүрегим менен Саған умтыламан,
Буйрықларыңнан аўып кетиўиме жол қойма!
11Саған қарсы гүна ислемеўим ушын,
Жүрегимде сақладым сөзлериңди.
12Алғыслар болсын Саған, Жаратқан Ийе,
Маған қағыйдаларыңды үйрет.
13Аўзыңнан шыққан барлық қарарларыңды,
Өз аўзым менен жәриялайман.
14Шәртлериң менен жасап, шадланаман,
Үлкен байлық тапқандай боламан.
15Пәрманларың ҳаққында терең ой жуўыртаман,
Сениң жолларыңа дыққат қыламан.
16Қағыйдаларыңнан ләззет аламан,
Сөзлериңди умытпайман.

17Маған, қулыңа ийгилик қыл,
Өмир сүрип, сөзиңе әмел қыламан.
18Көзлеримди аш,
Нызамыңдағы әжайып ислериңди көрейин.
19Мен бир келгиндимен бул дүньяда,
Буйрықларыңды меннен жасырма.
20Бәрқулла Сениң ҳүкимлериңди,
Жаным сағынып сарғаяды.
21Буйрықларыңнан аўып кеткен,
Нәлетленген тәкаббирлерди кейийсең.
22Масқарашылық ҳәм хорлықты меннен узақластыр,
Себеби шәртлериңди орынлап киятырман.
23Басшылар жыйналып, маған қарсы өсек айтса да,
Мен, қулың Сениң қағыйдаларың ҳаққында терең ой жуўыртаман.
24Шәртлериңнен ләззет аламан,
Олар маған ақыл береди.

25Жаным әжелге жақынлап қалды,
Ўәдең бойынша өмир бер маған.
26Жүрген жолларымды айтып бердим, маған жуўап бердиң,
Қағыйдаларыңды үйрет маған!
27Пәрманларыңның мәнисин түсиндир,
Солай етип, әжайып ислериң ҳаққында ой жуўыртайын.
28Ғам-қайғыдан жаным ада болды,
Ўәде қылғаныңдай, мени аяққа турғыз!
29Жаман жолдан узақластыр,
Мийримиң менен маған нызамыңды үйрет.
30Садықлық жолын таңладым,
Әдалатлы қағыйдаларыңды көз алдыма қойдым.
31Шәртлериңди беккем услайман,
Жаратқан Ийе, уятқа қалдырма мени!
32Шын жүректен буйрықларыңның жолынан жүремен,
Кеўлиме кең түсиник бердиң.

33Қағыйдаларыңның жолын үйрет маған, Жаратқан Ийе,
Мен оларды ақырына дейин орынлайман.
34Түсиник бер, нызамыңа әмел қыламан,
Шын жүрегимнен оған бойсынаман.
35Буйрықларыңның жолы менен мени жетеле,
Мен оннан рәҳәт аламан.
36Жүрегимди наҳақ пайдаға емес,
Ал Өз шәртлериңе қарай бур.
37Көзлеримди бийҳуда нәрселерден қайтар,
Өз жолыңда жанымды сақлай гөр.
38Адамлар Сеннен қорқыўы ушын,
Маған, Өз қулыңа берген ўәдеңди орынла.
39Мени өзим қорққан шерменделиктен узақ қыл,
Сениң қағыйдаларың ийгиликли.
40Пәрманларыңа талпынаман,
Сен әдалатлысаң, өмиримди сақла.

41Маған сүйиспеншилигиңди көрсет, Жаратқан Ийе,
Ўәдең бойынша қутқар мени!
42Сонда мени мазақлағанларға жуўап қайтара аламан,
Сениң сөзиңе исенемен.
43Ҳақыйқат сөзиңди алып қойма аўзымнан,
Сениң қарарларыңа үмит байлайман.
44Нызамыңа ҳәмме ўақытта,
Ҳәзир ҳәм мәңги-бақый әмел қыламан.
45Мен еркин жүремен,
Себеби пәрманларыңды орынлаўға тырысаман.
46Патшалар алдында шәртлериңди айтаман,
Буннан уялмайман.
47Буйрықларыңнан ләззет аламан,
Оларды жақсы көремен.
48Буйрықларыңды сүйип, ҳүрмет етемен,
Қағыйдаларың ҳаққында ой жуўыртаман.

49Қулың болған маған берген ўәдеңди есле,
Ол арқалы Сен маған үмит бердиң.
50Сениң ўәдең өмиримди сақлайды,
Азап ишинде қалғанымда усы маған жубаныш береди.
51Тәкаббирлер мени ҳәдден тыс мазақлайды,
Сонда да Сениң нызамыңнан жүз бурмадым.
52Әзелги қағыйдаларыңды еслеймен,
Солар маған жубаныш береди, Жаратқан Ийе.
53Нызамыңнан жүз бурған жаўызлар себепли,
Ғәзепке толып кетемен.
54Қай жерде жасасам да,
Сениң қағыйдаларыңды жырлап жүремен.
55Түнде атыңды еслеймен, Жаратқан Ийе,
Нызамыңа әмел қыламан.
56Бул маған әдет болып қалған,
Сениң пәрманларыңа әмел қыламан.

57Мениң үлесим Сенсең, Жаратқан Ийе,
Сөзлериңди орынлайман, деп ўәде бердим.
58Шын жүрегимнен Сениң мийримиңди излеймен,
Ўәдең бойынша маған реҳим ет.
59Тутқан жолларыма дыққат еттим,
Шәртлериң бойынша адым аттым.
60Буйрықларыңды орынлаўға,
Асығаман ҳәм кешиктирмеймен.
61Жаўызлардың арқанлары мени орап байлады,
Ал мен нызамыңды умытпадым.
62Әдил ҳүкимлериң ушын,
Түн ортасында турып, Сени тәрийиплеймен.
63Сеннен қорқатуғынлардың,
Пәрманларыңа әмел қылатуғынлардың достыман.
64Жер жүзи сүйиспеншилигиңе толы, Жаратқан Ийе,
Қағыйдаларыңды үйрет маған!

65Жаратқан Ийе, жақсылық қылдың қулыңа,
Берген ўәдеңде турдың.
66Маған зейин ҳәм түсиник бер,
Сениң буйрықларыңа исенемен.
67Азап шегиўден алдын жолдан адастым,
Бирақ енди Сениң сөзиңе әмел қыламан.
68Сен ийгиликлисең, жақсылық қыласаң,
Маған қағыйдаларыңды үйрет.
69Тәкаббирлер жалған сөйлеп, мени қаралады,
Бирақ мен шын жүрегим менен пәрманларыңа бойсынаман.
70Олардың жүреклерин май басқан,
Ал мен нызамыңнан ләззет аламан.
71Жақсы болды азап шеккеним,
Усы арқалы қағыйдаларыңды үйрендим.
72Аўзыңнан шыққан нызам мен ушын,
Мыңлаған алтын ҳәм гүмистен баҳалыдур.

73Сениң қолларың мени жаратып, пишим берди,
Түсиник берип, буйрықларыңды үйрет.
74Сеннен қорқатуғынлар мени көрип қуўансын,
Мен Сениң сөзиңе үмит байладым.
75Жаратқан Ийе, Сениң ҳүкимлериң әдил екенин билемен,
Маған әдалатлы түрде азап шектирдиң.
76Қулың болған маған берген ўәдең бойынша,
Сүйиспеншилигиң мени жубатсын.
77Маған реҳим қыл, аман жасайын,
Нызамың мен ушын ләззетли.
78Мени жалған айыплағаны ушын,
Тәкаббирлер шерменде болсын.
Ал мен пәрманларың ҳаққында ой жуўыртаман.
79Шәртлериңди билетуғынлар, Сеннен қорқатуғынлар,
Маған бет бурсын.
80Шерменде болмаўым ушын,
Қағыйдаларыңа бола жүрегим минсиз болсын.

81Қутқарыўыңа интизар болып, жаным ада болды,
Сениң сөзиңе үмит байладым.
82Берген сөзиңниң орынланыўын күтип,
Көзлеримниң нуры сөнди,
«Қашан мени жубатасаң?» – деп сорайман.
83Тозған шапандай болып қалсам да,
Умытпайман Сениң қағыйдаларыңды.
84Қулың болған мен және қанша күтиўим керек?
Мени қуўғын қылып атырғанларды қашан ҳүким қыласаң?
85Нызамыңа бойсынбайтуғын тәкаббирлер,
Шуқыр қазды мен ушын.
86Барлық буйрықларың исенимли,
Мени наҳақ қуўдаламақта, жәрдем бер!
87Олар мени жер жүзинен жоқ қыла жазлады,
Бирақ мен Сениң пәрманларыңнан айырылмадым.
88Сүйиспеншилигиң ҳақы жанымды қорға,
Аўзыңнан шыққан шәртлериңе әмел қыламан.

89Жаратқан Ийе, сөзиң мәңги,
Ол көклерде беккем турады.
90Садықлығың әўладтан-әўладқа даўам етеди,
Сен орнатқан жер жүзи беккем турады.
91Қарарларың бойынша олар бүгинге дейин турыпты,
Олардың ҳәммеси Саған хызмет етеди.
92Егер нызамың маған ләззет бағышламағанда,
Шеккен азапларымнан өлип кетер едим.
93Пәрманларыңды ҳасла умытпайман,
Солар арқалы өмиримди сақладың.
94Мен Саған тийислимен, қутқар мени,
Сениң пәрманларыңа талпынаман.
95Жаўызлар мени жоқ қылыў ушын аңлыйды,
Ал мен Сениң шәртлериңе дыққат аўдараман.
96Сениң буйрықларыңнан басқа,
Ҳеш бир нәрсе минсиз емес.

97Нызамыңды қаншелли сүйемен!
Күни бойы оның үстинде ой жуўыртаман.
98Буйрықларың мени душпанларымнан гөре дана қылады,
Буйрықларың мәңги мениң менен бирге.
99Барлық устазларымнан гөре, ақыллырақ болдым,
Себеби шәртлериң үстинде ой жуўырттым.
100Жасы үлкенлерден гөре, данаман,
Өйткени пәрманларыңа бойсындым.
101Сениң сөзиңе әмел қылыў ушын,
Жаман жолға аяқ басыўдан аўлақ болдым.
102Қағыйдаларыңнан шетке шықпадым,
Сен маған тәлим бергенсең.
103Сөзлериң таңлайыма соншелли мазалы,
Палдан да татлы мениң аўзыма!
104Пәрманларың арқалы даналыққа ийе боламан,
Соның ушын, ҳәр қандай жалған жолдан жеркенемен.

105Сөзлериң қәдемлерим ушын шыра,
Жолымды жарық қылатуғын нур.
106Әдил қағыйдаларыңды орынлаўға ант иштим,
Сөзимде турып, антымды орынлайман.
107Көп азап шектим, Жаратқан Ийе,
Ўәдең бойынша жанымды қорға.
108Ықтыярлы садақам болған алғысларымды қабыл ет,
Маған қағыйдаларыңды үйрет.
109Жаным ҳәмме ўақытта қәўип астында,
Сонда да нызамыңды умытпайман.
110Жаўызлар дузақ қурды маған,
Сонда да пәрманларыңнан шетке шықпадым.
111Шәртлериң мәңги мийрасым,
Жүрегимниң қуўанышы олар.
112Қағыйдаларыңа ақырына дейин,
Мәңгиге бойсыныўды қарар еттим.

113Еки жүзлилерден жеркенемен,
Сениң нызамыңды сүйемен.
114Панам ҳәм қалқаным Сенсең,
Сениң сөзиңе үмит байладым.
115Ҳәй, жаўызлар, меннен аўлақ жүриң,
Мен Қудайымның буйрықларын орынлайман.
116Қудай, жасаўым ушын, ўәдең бойынша мени қоллап қуўатла,
Үмитимди босқа шығарып, уялтпа!
117Қутқарылыўым ушын, мени қоллап қуўатла,
Мудамы дыққат саламан қағыйдаларыңа.
118Қағыйдаларыңнан аўып кеткенлерден жүз бурасаң,
Олардың ҳийлелери бийҳудадур.
119Дүньядағы жаўызларды шығындыдай етип таслайсаң,
Сонлықтан сүйемен Сениң шәртлериңди.
120Сеннен қорққанымнан денем титирейди,
Ҳүкимлериңнен қорқаман.

121Әдил ҳәм туўры ислер қылдым,
Езиўшилердиң қолына қалдырма мени!
122Қулыңның бахтына кепиллик бер,
Тәкаббирлердиң мени езиўине жол қойма.
123Мени қутқарыўыңды күтип,
Көзлеримниң нуры сөнди.
Мени азат етиўди ўәде қылған едиң.
124Қулыңа сүйиспеншилигиңди көрсет,
Маған қағыйдаларыңды үйрет.
125Мен Сениң қулыңман, маған ақыл бер,
Шәртлериңди билип алайын.
126Жаратқан Ийе, Өз исиңди қылатуғын ўақтың келди,
Адамлар нызамыңды бузды.
127Сениң буйрықларыңды,
Алтыннан, сап алтыннан да жақсы көремен.
128Сен берген барлық пәрманларың бойынша қәдем басаман,
Ҳәр бир жалған жолдан жеркенемен.

129Сениң шәртлериң әжайып,
Сонлықтан оларға әмел қыламан.
130Мәниси ашылғанда, сөзлериң нур шашады,
Садаларға ақыл береди.
131Шөллеп, аўзымды ашаман,
Сениң буйрықларыңа қуштарман.
132Атыңды сүйгенлерге мудамы қылғаныңдай,
Нәзер салып, маған реҳим көрсет.
133Сөзиң менен қәдемлеримди беккемле,
Ҳеш бир гүна мениң үстимнен ҳүкимдарлық қылмасын.
134Адамлардың зулымлығынан азат қыл мени,
Солай етип, пәрманларыңа әмел қыламан.
135Сениң жүзиң қулың болған маған нурын шашсын,
Қағыйдаларыңды үйрет маған.
136Дәрья болып, жас төгилер көзлеримнен,
Нызамыңа әмел қылмай атыр адамлар.

137Сен әдилсең, Жаратқан Ийе,
Ҳүкимлериң әдалатлы.
138Буйырған шәртлериң әдалатлы,
Олар толық исенимли.
139Сөзлериңди умытты душпанларым,
Соған деген ғәзебим диңкемди қуртты.
140Сөзиң сондай пәк,
Қулың оны сүйеди.
141Мен керексизбен, хорланғанман,
Бирақ пәрманларыңды умытпайман.
142Сениң әдалатың мәңгидур,
Нызамың ҳақыйқатдур.
143Қайғы ҳәм азапқа дус келсем де,
Ләззет аламан буйрықларыңнан.
144Шәртлериң мәңгиге әдалатлыдур,
Жасаўым ушын маған ақыл бер.

145Пүткил жүрегим менен жалбарынаман,
Жуўап бер маған, Жаратқан Ийе!
Сениң қағыйдаларыңа әмел қыламан.
146Мени қутқар деп, Саған дад саламан,
Шәртлериңе әмел қыламан.
147Күн шықпастан турып, жәрдем сорайман,
Сениң сөзиңе үмит байлайман.
148Берген ўәдеңди түсинейин деп,
Түни бойы уйқы келмес көзиме.
149Сүйиспеншилигиң бойынша даўысыма қулақ сал,
Ҳүкимлериң бойынша, жанымды аман сақла, Жаратқан Ийе!
150Жаўыз жоба дүзетуғынлар жақынлап қалды,
Олар нызамыңнан узақласқан.
151Бирақ Жаратқан Ийе, Сен жанымдасаң,
Барлық буйрықларың ҳақыйқатдур.
152Шәртлериңди мәңгиге тайынлағаныңды,
Бурыннан мен түсиндим.

153Шеккен азапларыма қара, қутқар мени,
Нызамыңды умытпадым.
154Сен мени жақлап, мени қутқар,
Ўәдең бойынша жанымды сақла.
155Қутқарылыў жаўызлардан узақдур,
Сениң қағыйдаларыңды олар излемес.
156Реҳимиң уллыдур, Жаратқан Ийе,
Ҳүкимлериң бойынша жанымды сақла.
157Мени қуўдалайтуғын душпанларым көп,
Сонда да шәртлериңнен шетке шықпадым.
158Опасызларды көргенимде жеркенемен,
Олар көрсетпелериңе әмел қылмайды.
159Қара, пәрманларыңды қаншелли сүйемен,
Сүйиспеншилигиң менен жанымды сақла.
160Сөзиңниң негизи ҳақыйқатдур,
Әдил ҳүкимлериңниң ҳәммеси мәңги даўам етеди.

161Ҳүкимдарлар мени айыпсыз қуўдалайды,
Ал жүрегим сөзиңнен қорқады.
162Көп олжа тапқан адамдай,
Сениң сөзлериңе сондай қуўанаман.
163Жалғаннан тиксинип, жеркенемен,
Бирақ Сениң нызамыңды сүйемен.
164Әдил ҳүкимлериң ушын,
Күнине жети мәрте Саған алғыс айтаман.
165Нызамыңды сүйгенлер уллы абаданшылыққа жетисер,
Олар ҳеш нәрсеге сүрникпес.
166Жаратқан Ийе, қутқарыўыңнан үмит қыламан,
Буйрықларыңды орынлайман.
167Шәртлериңе әмел қыламан,
Мен оларды жүдә жақсы көремен.
168Пәрман ҳәм шәртлериңе әмел қыламан,
Барлық жолларымнан хабарың бар.

169Пәриядым Саған жетсин, Жаратқан Ийе,
Сөзиң бойынша даналық бер маған.
170Жалбарыныўым Саған жетип барсын,
Ўәдең бойынша қутқар мени!
171Аўзым алғыс-мақтаўға толып тассын,
Маған қағыйдаларыңды үйретесең.
172Тилим сөзиңди жырласын,
Барлық буйрықларың әдил.
173Қолың маған жәрдем берсин,
Пәрманларыңа бойсыныўды таңладым.
174Қутқарыўыңды аңсайман, Жаратқан Ийе,
Нызамыңнан ләззет аламан.
175Жанымды сақла, Саған алғыслар айтайын,
Ҳүкимлериң маған жәрдем берсин.
176Жойтылған қойдай жолдан адастым,
Қулыңды излеп таўып ал,
Себеби буйрықларыңды умытпадым.
Copyright information for KaaIBT22C