‏ Psalms 119

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
Қыйын жағдайға түскенимде, Жаратқан Ийеге пәрияд еттим,
Ол маған жуўап берди.
2Жаратқан Ийе, қутқар жанымды жалған сөзлерден,
Өтирикши тиллерден.

3Ҳәй, өтирикши тил,
Жаратқан Ийе басыңа не салады?
Және саған нелерди қылар екен?
4Ол сени жаўынгердиң өткир оқлары менен,
Жанып турған отынның шоқлары менен жазалайды.

5Сорым қурысын, Мешехте келгиндимен,
Кедар халқының шатырлары арасында жасайман.
6Тынышлықты жек көретуғынлардың арасында,
Узақ ўақыт бирге турдым.
7Мен тынышлық тәрепдарыман,
Сөйлейин деп аўзымды ашсам,
Олар урысыўға таяр.
Copyright information for KaaIBT22C