Psalms 120
1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жырКөзлеримди таўларға тигемен,
Қай жерден маған жәрдем келер деп?
2Аспан ҳәм жерди дөреткен,
Жаратқан Ийеден келеди жәрдем.
3Ол аяқларыңның сүрнигиўине жол қоймас,
Сени қорғаўшы мүлгимес.
4Қара, Израилдың қорғаўшысы,
Мүлгимейди де, уйықламайды да.
5Жаратқан Ийе – сениң қорғаўшың,
Ол – сениң оң жағыңдағы көлеңкең.
6Күндиз қуяштың ыссылығы,
Түнде айдың сәўлеси саған зыян тийгизбес.
7Жаратқан Ийе сени барлық жаманлықтан сақлайды,
Ол сениң жаныңды қорғайды.
8Барар ҳәм қайтар жолларыңда,
Жаратқан Ийе ҳәзир ҳәм мәңгиге сени қорғайды.
Copyright information for
KaaIBT22C