‏ Psalms 121

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын Даўыттың жыры
«Жаратқан Ийениң Үйине барайық», – деп,
Маған айтқанда, қуўанып кеттим.
2Ерусалим, дәрўазаларыңның ишине қәдем бастық!

3Дийўаллары бир-бири менен тутасқан,
Ерусалим беккем қала болып салынған.
4Израилға берилген нызам бойынша,
Жаратқан Ийениң атына алғыс айтыў ушын,
Урыўлар, Жаратқан Ийеге тийисли урыўлар,
Ол жерге көтерилип барады.
5Ол жерде ҳүким тахтлары,
Даўыт урпағының тахтлары қурылған.

6Тынышлық тилең Ерусалимге:
«Сени сүйетуғынлар тыныш өмир сүрсин!
7Сениң дийўалларыңның ишинде тынышлық,
Қорғанларыңда бийқәтерлик болсын!»
8Туўысқанларым ҳәм досларым ҳақы,
«Тынышлық болсын саған!» – деймен.
9Қудайымыз Жаратқан Ийениң Үйи ҳақы,
Саған ийгилик тилеймен.
Copyright information for KaaIBT22C