‏ Psalms 122

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
Көклерде тахт қурған Қудай!
Көзлеримди Саған тигемен.
2Қуллардың көзлери хожайынының,
Шорының көзлери ханымының қолына тигилгениндей,
Бизлерге реҳим қыл, деп,
Бизлердиң көзлеримиз Қудайымыз Жаратқан Ийеге тигилген.

3Реҳим қыл бизлерге, Жаратқан Ийе, реҳим қыл,
Көрген хорлығымыз жетип артады.
4Рәҳәтте жасап атырғанлардың масқаралаўы,
Тәкаббирлердиң хорлаўы,
Жанымыздан тойдырып жиберди.
Copyright information for KaaIBT22C