‏ Psalms 123

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын Даўыттың жыры
Израил былай деп айтсын:
«Егер Жаратқан Ийе бизлер тәрепте болмағанда,
2Аўа, Жаратқан Ийе бизлер тәрепте болмағанда,
Адамлар бизлерге ҳүжим қылғанда,
3Ғәзеплери бизлерге қарсы лаўлағанда,
Олар бизлерди тирилей жутар еди.
4Топан суў бизлерди жуўып таслар еди,
Селлер үстимизден басып кетер еди.
5Қутырған суўлар бизлерди басып кетер еди».

6Олардың тислерине бизлерди олжа қылмаған Жаратқан Ийеге,
Алғыслар болсын!
7Аңшының дузағынан қутылған қусларға уқсаймыз,
Дузақ сынып, бизлер қутылдық.
8Аспан ҳәм жерди жаратқан,
Жаратқан Ийениң атынан бизге жәрдем келеди.
Copyright information for KaaIBT22C