‏ Psalms 124

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
Жаратқан Ийеге үмит еткенлер Сион таўына уқсайды,
Ҳеш қашан шайқалмай, мәңги беккем турады.
2Таўлар Ерусалимди қоршап турғанындай,
Ҳәзирден мәңгиге дейин,
Жаратқан Ийе Өз халқын қоршап турыпты.

3Шынында, жаўыз патшаның бийлик ҳасасы,
Ҳақлардың үлесине тийген жерде мәңги турмайды,
Болмаса, ҳақлар надурыс ислерге қол урар еди.

4Жақсылық қыл, Жаратқан Ийе,
Жақсыларға, жүреги пәк болғанларға.
5Ал надурыс жолларға түскенлерди,
Жаўызлар менен бирге қосып шығарып жибер.

Израилға тынышлық болсын!
Copyright information for KaaIBT22C