‏ Psalms 125

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жыр
Жаратқан Ийе Сионның абаданшылығын және қайтарғанда,
Түс көрип атырған адамға уқсаған едик.
2Аўзымыз күлкиге,
Тиллеримиз шадлық шаўқымларына толды.
Сонда халықлар өз ара былай дести:
«Жаратқан Ийе олар ушын уллы ислер қылды».
3Жаратқан Ийе бизлер ушын уллы ислер қылды,
Бизлер қуўанышқа толдық.

4Негеб шөлиндеги сайларды суўға толтырғаның яңлы,
Жаратқан Ийе, абаданшылығымызға қайтар.
5Көз жас төгип дән еккенлер,
Шадлық пенен зүрәәт орар.
6Туқым қалтасын көтерип, жылап баратырғанлар,
Шадланып, дән баўларын алып қайтар.
Copyright information for KaaIBT22C