‏ Psalms 126

1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын Сулайманның жыры
Егер Жаратқан Ийе үйди қурмаса,
Қурылысшылар бийкарға мийнет қылар.
Егер Жаратқан Ийе қаланы қорғамаса,
Гүзетши бийкарға қараўыллар.
2Бийкарға ерте турып, кеш жатасыз,
Аўқат табыў ушын көп мийнет етесиз.
Жаратқан Ийе Өз сүйгенлериниң мүтәжликлерин,
Уйықлағанда да тәмийинлейди.

3Балалар Жаратқан Ийениң сыйы,
Перзентлер Оннан берилген саўға.
4Жас ўақтыңда туўылған уллар,
Жаўынгердиң қолындағы оқлардай болар.
5Қандай бахытлы оқ қалтасы толы адам!
Қала дәрўазасында душпаны менен даўласқанда,
Ол шерменде болып қалмайды.
Copyright information for KaaIBT22C