Psalms 13
(Заб 52)
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жырыАқмақлар өз кеўлинде: «Қудай жоқ», – дер.
Олар бузылды, жеркенишли ислер қылар,
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.
2Ақыллы, яғный Қудайды излейтуғын бар ма екен, деп,
Жаратқан Ийе көктен қарар адамзатқа.
3Ҳәмме адасқан, бирдей бузылған,
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ,
Бирде биреўи жоқ!
4Жаўызлық қылыўшылардың ҳәммеси,
Нан жеген киби халқымды жалмайтуғынлар,
Жаратқан Ийени шақырмайтуғынлар ҳеш нәрсеге түсинбей ме?
5Олар қорқынышқа түседи,
Қудай ҳақ адамлар менен биргедур.
6Напәклер езилгенлердиң нийетин пушқа шығарса да,
Жаратқан Ийе езилгенлердиң панасыдур.
7Келсе еди Израилдың қутқарылыўы Сионнан!
Жаратқан Ийе Өз халқын абаданшылыққа және еристирсе,
Яқыптың урпақлары шадланып, Израил қуўанар еди!
Copyright information for
KaaIBT22C