Psalms 130
1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын Даўыттың жырыЖаратқан Ийе, жүрегимде менменлик жоқ,
Көзим тәкаббирлик пенен қарамайды,
Уллы ислер менен,
Ақылым жетпейтуғын ислер менен өзимди бәнт қылмайман.
2Бала анасының баўырында тынышланғанындай,
Мен де жеңил тартып, тынышландым.
Аўа, тынышланған баладай жаным жай тапты.
3Ҳәй, Израил, бүгиннен баслап мәңгиге,
Жаратқан Ийеге үмит байла!
Copyright information for
KaaIBT22C