Psalms 131
1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын жырЖаратқан Ийе, есле Даўытты,
Оның көрген барлық қыйыншылықларын.
2Ол Саған ант ишкен еди,
Яқыптың Күшли Қудайы,
Ол Саған ўәде берген еди:
3«Мен кирмеймен үйиме,
Жатпайман төсегиме,
4Көзлериме уйқы бермеймен,
Қабақларымның жумылыўына жол қоймайман,
5Жаратқан Ийеге бир орын,
Яқыптың Күшли Қудайына бир мәкан салмағанша!»
6Келисим сандығының Эфратада екенин еситтик,
Бизлер оны Яар далаларынан таптық.
7«Жаратқан Ийениң мәканына барайық,
Оның аяқ қойғышының алдында сыйынайық», – дедик.
8Көтерил, Жаратқан Ийе, Өз мәканыңа,
Қүдиретиңниң белгиси болған сандығың менен бирге.
9Руўханийлериң әдилликке бүркенип алсын,
Садық қулларың шадланып бақырыссын.
10Қулың Даўыт ушын,
Өз майлағаныңнан ўаз кешпе.
11Жаратқан Ийе, Сен Даўытқа ант ишкен едиң,
Сен усы антыңнан ҳасла қайтпайсаң:
«Урпағыңнан, улларыңнан бирин,
Сениң тахтыңа отырғызаман.
12Егер улларың келисимиме әмел қылса,
Оларға үйреткен қағыйдаларымды орынласа,
Олардың балалары да мәңгиге,
Сениң тахтыңа отырады».
13Жаратқан Ийе Сионды таңлады,
Онда Өзи жасаўды қәледи.
14Ол былай деди:
«Мениң мәңги мәканым усы,
Усы жерге орналасаман, буны Өзим қәледим.
15Ол жердиң азық-аўқатын берекетлеймен,
Ондағы жарлыларды тойдыраман.
16Қутқарылыўға бөлеймен руўханийлерди,
Маған садықлар шадланып бақырады.
17Ол жерде Даўыт урпағынан бир күшли патша шығараман,
Өзим майлаған патшаның шырағын сөндирмеймен.
18Душпанларын шерменделикке бүркеймен,
Ал оның басындағы таж жарқырап тура береди».
Copyright information for
KaaIBT22C