Psalms 132
1Ибадатханаға баратырғанда айтылатуғын Даўыттың жырыҚандай жақсы, қандай жағымлы,
Туўысқанлар биргеликте жасаса!
2Бул – басқа қуйылған баҳалы майға уқсайды,
Сақаллар бойлап, Харонның сақаллары бойлап,
Кийимлериниң жағасына ағып баратырған майға мегзейди.
3Сион таўларына түскен,
Хермон таўының шығы сыяқлы,
Жаратқан Ийе Сионнан Өз берекетин,
Ҳәм мәңгилик өмирин берди.
Copyright information for
KaaIBT22C