Psalms 134
1Ҳалилуйя!Жаратқан Ийениң атына алғыс-мақтаўлар айтың!
Жаратқан Ийениң қуллары, алғыс-мақтаўлар айтың,
2Ҳәй, сизлер, Жаратқан Ийениң Үйинде,
Қудайымыздың Үйиниң ҳәўлисинде хызмет қылатуғынлар!
3Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтың,
Жаратқан Ийе – ийгиликли.
Оның атына арнап, саз шертип, алғыс айтың,
Оның аты сүйкимли.
4Жаратқан Ийе Өзиники етип Яқып урпағын,
Өз ғәзийнеси етип Израилды таңлады.
5Билемен, Жаратқан Ийе уллыдур,
Ийемиз барлық қудайлардан мәртебелидур.
6Көклерде, жер жүзинде,
Теңизлерде, пүткил түпсизликлерде,
Жаратқан Ийе нени қәлесе, соны ислейди.
7Жер жүзиниң шетинен бултларды көтерер,
Жаўын ушын шақмақ шақтырар,
Телеклеринен самал естирер.
8Мысырда биринши туўылғанларды,
Адамлардан баслап ҳайўанларға дейин өлтирди ▼.
9Фараон ҳәм оның хызметкерлерине қарсы,
Мысырдың ортасында белгилер ҳәм кәраматлар көрсетти ▼.
10Ол көп миллетлерди қырып таслады,
Қүдиретли патшаларды өлтирди:
11Амор патшасы Сихонды,
Башан патшасы Огты,
Пүткил Қанан патшалықларын ▼.
12Олардың жерлерин мүлик етип,
Аўа, мүлик етип халқы Израилға берди.
13Жаратқан Ийе, Сениң атың мәңги турады,
Әўладтан-әўладқа Сени шақырады.
14Жаратқан Ийе халқын қорғап,
Қулларына реҳим қылады.
15Халықлардың бутлары гүмис ҳәм алтыннан,
Адамның қоллары менен соғылған.
16Аўызлары бар, сөйлемейди,
Көзлери бар, көрмейди,
17Қулақлары бар, еситпейди,
Ҳәттеки, дем ала алмайды.
18Оларды соққан, оларға исенгенлердиң ҳәммеси,
Солар сыяқлы болып қалады!
19Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!
Ҳәй, Харон урпағы, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!
20Ҳәй, Лебий урпағы, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!
Ҳәй, Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар, Оған алғыслар айтың!
21Ерусалимде орналасқан Жаратқан Ийеге,
Сионда алғыслар болсын!
Ҳалилуйя!
Copyright information for
KaaIBT22C